Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Кәсиплик аўқамы федерациясы менен биргеликте «Жылдың ең жақсы өзбек тили муғаллими» таңлаўы өткериледи.

Таңлаў усы жылдың 22-сентябрь – 20-октябрь күнлери аралығында өткерилип, 3 басқышта шөлкемлестириледи.

Таңлаў жеңимпазлары 25 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Сондай-ақ, 2-орын ийелерине (екеў) моноблок, 3-орын ийелерине (екеў) ноутбук ҳәм номинациялардың жеңимпазларына ҳәр қыйлы естелик саўғалары бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги