“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында “Ҳашар – элга ярашар” темасында шығармалар таӊлаўы өткерилди.

Бул таӊлаў  “Мәҳәллелерде абаданлықты тәмийинлеў, халықтыӊ арасында саламат турмыс тәризин  үгит-нәсиятлаў, халықтыӊ медициналық ҳәм экологиялық мәдениятын арттырыў” атамасындағы “Абат мәҳәллем” грант жойбары шеӊберинде “Жайҳун илҳомлари” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, районлық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы менен биргеликте шөлкемлестирилди. Халықты, соныӊ ишинде, жасларды тәбиятқа итибарлы болыў, тәбийғый ресурсларды үнемлеўге шақырыў, олардыӊ экологияға байланыслы билимлерин арттырыў мақсетинде өткерилген таӊлаўда 10 улыўма билим бериў мектебинен 31 оқыўшы қатнасты.

Шығармалар таӊлаўыныӊ жуўмағында райондағы 28-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы Ирода Азатбаева “Темаға байланыслы айқын пикирлери ушын” биринши орынға, 32-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 11-класс оқыўшысы Сабрина Турсунбаева “Еӊ жақсы қайырлы үгит-нәсияты ушын” екинши орынға, 11-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ 10-класс оқыўшысы Ҳакимбек Йўлдашев “Жеке пикирин айқын билдире алғаны ушын”  үшинши орынға мүнәсип деп табылды. Сондай-ақ бир топар оқыўшылар белсене қатнасқаны ушын номинациясы жеӊимпазы болды.


Жеӊимпаз ҳәм белсене қатнасқан оқыўшылар “Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Әмиўдәрья районлық бөлими тәрепинен диплом және баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги