Орайлық банк соңғы үш жыл ишинде Өзбекстанда қанша алтын қуймалары ҳәм естелик теңгелери сатылғанын жәриялады.

Бул дәўирде халық тәрепинен 2 951 дана алтын ҳәм 3 864 дана гүмистен таярланған естелик теңгелери сатылған. Оларды банклер арқалы сатып алыў мүмкин. Қайсы банкте қандай естелик теңгелери барлығы ҳаққында бул жерден билиў мүмкин.

Сондай-ақ, 2020-жылдан берли өзбекстанлылар 255 кг салмақтағы 13 130 алтын қуймаларын сатып алған. Алтыннан таярланған қуймалардың 75 проценти Ташкент қаласынан сатып алынған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги