Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен исбилерменлик субъектлери ушын Өзбекстан Саўдасанаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасында гезектеги «Ашық есиклер күни» шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң жуўапкер ўәкиллери, Республика прокуратурасы, министрликлер, тийисли шөлкемлердиң басшылары ҳәм басқа да жуўапкерлер қатнасып, исбилерменлердиң мүрәжатлары ҳәм усыныслары тыңланды.

«Ашық есиклер күни»н шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – республикамызда жумыс алып барыўшы исбилерменлердиң мүрәжатларын тыңлаў ҳәм бизнес жумысында ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша әмелий жәрдем бериўден ибарат. Гезектеги қабыллаў даўамында исбилерменлерден жеңиллетилген ҳәм гиреўсиз кредит алыў, коммуналлық хызметлер, салық ҳәм төлем-қаржылары мәселеси бойынша бир қатар мүрәжатлар келип түсти.





Билдирилген мүрәжат ҳәм усыныслар тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен үйренилип, орынланыўы бойынша басшылыққа алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги