Нызамшылыққа бола, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар мәмлекетлик бақшалар ҳәм мектеплерге гезексиз жайластырылады.

Оларға техникум, колледж, академиялық лицей ямаса ЖООда оқып атырғанда ҳәр оқыў жылында 1 мәрте оқыў, илимий ҳәм көркем әдебиятлар (китаплар) салып алыў ушын БЕМниң 5 есеси (1 млн 650 мың сум) муғдарында субсидия бериледи.

Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларында даўам еттиргенде оларға стипендия 50 процентке арттырылған ҳалда төленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги