4-10-сентябрь күнлери аралығында 1 388 автономерлер бойынша аукцион саўдалар әмелге асрылған болып, олардың муғдарды 6 млрд 80,3 млн сумды қурады.

Әмелге асқан келисимлердиң 80 процент үлеси физикалық тәреплерге (4 млрд 849,5 млн сумға тең 1 269 автономер) ҳәм 20 процент үлеси юридикалық тәреплерге (1 млрд 230,8 млн сумға тең 119 автономер) туўра келген.

Дүзилген келисимлердиң биреўи орташа көлем 4,4 млн сумды қураған болса,  сатылған автономерлердиң ең төмен баҳасы 1,7 млн сумды, ең қымбат автономердиң баҳасы болса 305,9 млн сумды қурады.

Биржа хабарларына бола, усы дәўирде avtoraqam.uzex.uz саўда системасына жәми 7 572 автотранспорт қураллары ушын дизимнен өткериў мәмлекетлик номер белгилери жайластырылған болып, соның 3 750и физикалық тәреплер ушын ҳәм 3 822си юридикалық тәреплерге мөлшерленген.

Буннан тысқары, аукционда дизимнен өткен талабанлардың саны 579 507 қурап, олардың 554 564 и физикалық тәреплер ҳәм 24 943 и юридикалық тәреплер болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги