«1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» 2023-жылы екшемби – дем алыс күнине туўра келгени мүнәсибети менен усы дем алыс күни 2023-жыл 2-октябрь, дүйшемби күнине көшириледи.

Бул қарар жаңа басылымдағы Мийнет кодексиниң 208-статьясына муўапық келеди.

Онда өндирислик техникалық ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятлары (ҳәрекеттеги үзликсиз өндирис, халыққа ҳәр күни хызмет көрсетиў, нәўбетшилик тийкарында ислеў ҳәм басқалар) себепли исленбейтуғын байрам күнлери тоқтатып қойыў мүмкин болмаған жумысларды орынлаўда дем алыс күнлери көширилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги