14-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстанда денетәрбия ҳәм спорт тараўында туңғыш илим кандидаты ҳәм профессор, ветеран устаз Пердебай Шылмановтың 80 жыллық юбилейине арналған илимий-теориялық әнжуман болып өтти.

Әнжуманды институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Қ. Қодиров басқарып барды.

Онда Қарақалпақстан халық жазыўшысы, А. Әбдиев «Пидайы педагог ҳәм белгили алым» атамасында кең түрде баянат жасады.

Сондай-ақ, әнжуманда Қаракалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри А.Алланазаров, Қарақалпақстан Республикасы «Нураный» қоры баслығы Турсынбай Абдижаббаров,  Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы Н.Аңсатбаев, илимпаздың шәкиртлери, кәсиплеслери, ветеран устазлар сөзге шығып, педагогты қызғын қутлықлады.



Илажда сөзге шыққанлар тәрепинен ветеран устаздың мийнет жолы ҳәм Қарақалпақстанда денетәрбия ҳәм спорттың бүгингидей раўажланыўында тараўға маман қәнигелер таярлаўда тутқан орны гиреўли екенлиги ҳаққында айта келип, юбилей мүнәсибети менен таярланған саўғаларды тапсырды.


Тәжирийбели устаз, миллий спортымыз жанкүйери болған Пердебай Шылманов Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның дене тәрбиясы факультетин табыслы тамамлаған соң, өзиниң дәслепки мийнет жолын усы институттан баслаған. 1974-1978-жыллары Москва қаласында аспирантурада оқып, қарақалпақ миллий спорт ойынлары темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. Буннан соң ол институтта өз мийнет жолын даўам еттирди. Оның көп жыллық педагогикалық ис тәжирийбеси инабатқа алынып, оған усы тараўдағы биринши профессорлық дәрежеси де берилди.

Илимпаздың көп жыллық илимий-изертлеўлери нәтийжесинде қарақалпақ халқының 500 ден аслам халық ойынлары қайта тикленип, оларға заманға сәйкес түрде қағыйдалар киргизилди ҳәм  мектеп шараятында балаларды физикалық жақтан тәрбиялаў ушын сабақлық бағдарламалар ислеп шығылды. Оның авторлығындағы «Миллий балалар ойынлары» методикалық қолланбасы ҳәм баслаўыш класс оқыўшылары ушын «Дене тәрбиясы» сабақлықларын усылар қатарына киргизсек болады.

Пердебай Шылмановты көпшилик «Қашарман топ» спорт ойынының жанкүйери сыпатында ҳүрмет пенен тилге алады. Илимпаз 2006-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан усы ойынның келип шығыў тарийхы ҳәм ойналыў қағыйдаларын өз ишине жәмлеген «Қашарман топ» китабын баспадан шығарып, келешек әўладлар ушын бийбаҳа мийрас дөретти.

Әнжуманда ветеран устаз Пердебай Шылманов шығып сөйлеп, педагогикалық институт Қарақалпақстанның барлық зыялы инсанлары ушын бесик болған уллы дәргай екенлиги, бул жерде 60 жылға шамалас ўақыт жумыс ислеп, усындай ҳүрмет-иззетке бөленгенин қуўаныш пенен тилге алып, әнжуман шөлкемлестириўшилерине өзиниң терең миннетдаршылығын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы