14-сентябрь күни Әзербайжан президенти Илҳам Алиев Тәжикстан президенти Эмомали Раҳмонниң мирәт етиўине бола ҳүрметли мийман сыпатында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының бесинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын Тәжикстанға келди.

Әзербайжан Президентин Тәжикстан Бас министри Қоҳир Расулзада ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды. Буннан соң еки мәмлекет басшыларының өз-ара ушырасыўы болып өтти.

Илаж бағдарламасына бола, Алиевтиң Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының ушырасыўындағы шығып сөйлеўи режелестирилген.

Мағлыўмат ушын, Орайлық Азия мәмлекет басшыларының бесинши Мәсләҳәт ушырасыўы 14-15-сентябрь күнлери Тәжикстанның Душанбе қаласында болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги