13-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында америкалы филолог-оқытыўшы Грейс Кудлак пенен институттың профессор-оқытыўшыларының ушырасыўы болып өтти.

Онда Грейс Кудлак шығып сөйлеп, өзиниң басып өткен мийнет жолы, педагогикалық ис тәжирийбеси ҳәм алға қойған ис-режелери ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берди.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар тәрепинен Грейс Кудлакқа сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Соны да айтып өтиўимиз керек, Грейс Кудлак Америка Қурама Штатларының «English Language Fellow Program» жойбарының қәнигеси болып, ол 2023-жылдың сентябрь айынан баслап 10 ай даўамында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының инглис тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлерине сабақ өтеди. Сондай-ақ, ол бул дәўир аралығында  тек ғана сабақ өтиў менен шекленбей институттың профессор-оқытыўшылары менен ҳәптелик методикалық семинарлар, студентлер ушын қосымша дөгереклер шөлкемлестириўди де режелестирген.

Ушырасыўға институттың оқыў ислери бойынша проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы А. Абдиев,  илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Р. Ешмуратовлар қатнасып, АҚШлы оқытыўшының алдағы жумысларына табыслар тиледи.

Гүлчеҳра Айтмуратова,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика қәнигелиги 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги