АҚШ Әдиллик министрлиги америкалы бизнесмен ҳәм миллиардер Илон Маскти өзиниң Х (бурыңғы Twitter) социаллық тармағы пайдаланыўшыларының жеке өмирин бузғаны ушын айыплады.

Дәрекке бола, Әдиллик министрлиги Маскке қарсы даўа арзасында исбилермен Х Corp. үстинен қатты бақлаў алып барғанын, гейде  компанияны өз алдына жол менен басқарғанын, нәтийжеде ол мағлыўматлардың қәўипсизлигин қәўип астына қойыўы мүмкин екенлигин көрсетпекте.

Буннан алдын «Bloomberg» Х социаллық тармағы Калифорния штатындағы модерация нызамы бойынша судқа бергенин жазған еди.

Агентлик мағлыўматларына бола, Х Corp. Сакраменто федерал судына нызам Конституцияның сөз еркинлиги бәнти менен қорғалған ишки қарарларына тосқынлық қылып атырғанын даўа етти. Дәўагерге бола, нызамның ҳақыйқый мақсети социаллық медиа компанияларына ҳәкимият көз қарасынан машқалалы контентти алып таслаў ушын басым өткериў болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги