Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-5198-санлы Қарарына қол қойылған болып, бул Қарар шеңберинде соның ишинде, 3-15 жасар балаларды йод препараты менен бийпул тәмийинлеў белгиленген.

Йод раўажланып атырған организм ушын ең әҳмийетли элементлерден бири болып есапланады. Йод жетиспеўшилиги төмендегилерге алып келиўи мүмкин:

буғақтың (зобтың) раўажланыўы,

қалқан сыяқлы без дисфункциясы,

балалардың физикалық ҳәм ақылый раўажланыўының төменлеўи,

кретинизм.

Балаларда йод жетиспеўшилигиниң ең аўыр ақыбети олардың ақылый ҳәм физикалық раўажланыўындағы изде қалыўы болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги