My.gov.uz порталында «Спортшылар ушын спорт паспортын алыўға арза бериў» хызмети иске қосылды.

Бул портал арқалы арза жиберилгеннен кейин, спорт паспорты 6 жумыс күнинде  тийисли спорт шөлкемине жеткерип бериледи.

Спортшы паспортының әмел етиў мүддетти – 5 жыл.

Спортшы паспорты екинши жас өспиримлер спорт разрядынан төмен болмаған разрядқа ийе, тийисли спорт түри менен турақлы шуғылланып киятырған ҳәм спорт жарысларында турақлы қатнасатуғын спортшыға бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги