Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Әдиўли устаз – жаслар итибарында» атамасында белгили педагог, устаз, көрнекли алым, педагогика илимлериниң кандидаты, профессор, Грецияның «Әййемги дүнья» («Антик дүнья») халықаралық академиясының академиги Пердебай Шылманов ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды филиал директоры, профессор Б.Еримбетов кирис сөз бенен ашты. Ол өз сөзинде устаздың өмир жолы, илимге қосқан үлеслери ҳәм шәкиртлериниӊ ерискен табысларына кеӊ түрде тоқтап өтти.

Буннан соӊ сөзге шыққан устаздыӊ кәсиплеслери ҳәм шәкиртлери де оныӊ өмир жолы ҳәм дөретиўшилик мийнетлери ҳаққында мағлыўматлар берип, өз пикирлерин билдирди.

Быйыл 80 жыллығы белгиленип атырған әдиўли устаз Пердебай Шылманов 1943-жылы 15-сентябрь күни Қараөзек районының «Қарабуға» аўылында туўылған. 1960-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбиясы факультетине оқыўға кирди. Студентлик дәўиринде гимнастика менен терең шуғылланып, бир қанша жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орынларды қолға киргизди. Сондай-ақ, студентлик дәўиринде спорт, дене тәрбиясы бойынша мақалалар таярлап, жергиликли газеталарда жәриялап барды. Қарақалпақстан радиосынды «Спорт әлеминде» еситтириўин таярлаўда белсендилик көрсетти. Институтты табыслы питкергеннен соӊ сол жерде ассистент-оқытыўшы болып жумыс ислеп қалды. 1974-жылы Москва қаласындағы Пүткил аўқамлық дене тәрбиясы ҳәм спортты изертлеў институтының аспиранты болып, 1978-жылы «Қарақалпақ миллий ҳәрекетлик ойынларының аўыллық мектеплерде қолланыў усыллары» темасында кандидатлық диссертациясын табыслы жақлап шығады ҳәм Қарақалпақстанда спорт тараўындағы дәслепки педагогика илимлериниң кандидаты болады. Оның көп жыллық илимий-педагогикалық мийнетлери есапқа алынып оған 2001-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының профессоры атағы берилди.

1993-жылы Қарақалпақстан Республикасы, 2004-жылы Өзбекстан Республикасы «Халық билимлендириўи ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланды. «Үлгили устаз–2003» номинациясы жеңимпазы. 2006-жылы болса Грецияның «Әййемги дүнья» халықаралық Академиясының докторы, профессоры атанды. «Ѳзбекстан спорт нураныйы» (2012-2019) ҳәм 2021-жылы «Өзбекстан Республикасы дене тәрбия ҳәм спорт ағласы» көкирек белгилери менен сыйлықланған.

Педагогика илимине салмақлы үлес қосып киятырған педагогика илимлериниң кандидаты, профессор Пердебай Шылмановтың өмири, дөретиўшилик жолы, илимий мийнетлери ҳәм спортқа қосқан үлеси бүгинги жасларды терең билимли, илимли, физикалық жақтан күшли, шаққан етип тәрбиялаўда айрықша әҳмийетке ийе.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги