Қырғыз Республикасының пайтахты Бишкек қаласында ҒМДА Дөретиўшилик ҳәм илимий зиялылары форумына старт берилди.

Форум шеңберинде Дослық Аўқамы мәмлекетлери мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларының басшыларынан ибарат ҒМДА Мәлимлеме кеңесиниң XXIX мәжилиси болып өтти.

Бишкек қаласындағы «Ала-Арча» мәмлекетлик резиденциясында өткен мәжилисти Қырғыз Республикасы Президентиниң баспасөз хаткери Эрбол Султанбаев ашып берди ҳәм усы мәмлекет Президенти Садир Жапаровтың атынан қатнасыўшыларды қутлықлады.

«Садир Нургожаевич ҒМДА Мәлимлеме кеңесиниң мәмлекетлеримиз арасындағы дослықты беккемлеў жолындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлайды»,-деди Эрбол Султанбаев.

ҒМДА Мәлимлеме кеңеси мәжилисиниң күн тәртибинен медиа мәканда өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў, жумыстың аралық жуўмақларын есап-санақ етиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм Кеңес баслығын сайлаў мәселелери орын алды. Мәлимлеме мәканының қалыслығын тәмийинлеў, фейк мәлимлемелерге қарсы гүресиў темасы өз алдына додаланды.

Мәжилисте ТАСС бас директоры Андрей Кондрашов ҒМДА Мәлимлеме кеңесиниң жаңа баслығы сыпатында сайланды. Ол өз кәсиплеслерине билдирилген исеним ушын миннетдаршылық билдирди.

Бул мәжилисте ҒМДА Мәлимлеме кеңесиниң бақлаўшысы болған Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги атынан Бас директордың биринши орынбасары Хушнуд Худойбердиев қатнасты.

ӨзА