Наўайы кән-металлургия комбинаты алтын ислеп шығарыў бойынша дүньяда 5-орынды ийеледи, деп хабар бермекте комбинат мәлимлеме хызмети.

Мәлим болыўынша, Канаданың Китцо халықаралық анализ орайы 2023-жылдың биринши ярым жыллығында дүньядағы Топ-10 ең ири алтын ислеп шығарыўшы компаниялардың дизимин жәриялады. Бул дизимге бола, Наўайы кән-металлургия комбинаты 5-орынды ийелеп, алтын ислеп шығарыў бойынша дүньяда жетекшилерден бири болды.

Усы жылдың 1-ярым жыллығында комбинат тәрепинен 1,425 миллион унсия алтын ислеп шығарылып, бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 2,1 процентке өскен. Сондай-ақ, дүньядағы ең ири алтын кәнлеринен бири есапланатуғын «Мурунтов» кәни НКМКқа тийисли екенлиги анықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги