Мәмлекетимизде биринши мәрте халықаралық этноспорт фестивалына старт берилди. Үш күн даўам ететуғын халықаралық әнжуманға Хорезм ўәлаятында үлкен таярлық көрилди. Фестивальда ЮНЕСКО, ТҮРКСАЙ, Пүткил жер жүзилик этноспорт конфедерациясы ўәкиллери, оған ағза мәмлекетлердиң ҳүкимет ўәкиллери, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм дүньяның 63 мәмлекетинен жәми 1 мың 900 спортшы қатнасады.

«Ийшан қала» комплекси ҳәм оның әтирапындағы майданларда белбеўли гүрес бойынша халықаралық турнир, өзбек жаўынгерлик өнери, масс  реслинг, баҳадырлар ойыны ҳәм тас көтериў бойынша жәҳән чемпионатлары, оқжайдан оқ атыў бойынша халықаралық ашық турнири, миллий гүрес, белден алыў ҳәм үш гүрес, Туран жеке гүреси, қусларды аңлаў ҳәм ат спорты түрлери бойынша көргизбелер, шебер аспазлардың қатнасыўында палаў чемпионаты, миллий аўқатлар ҳәм қаўын сейили сыяқлы илажлар өткериледи. Сондай-ақ, Фестиваль шеңберинде Пүткил жер жүзилик этноспорт конфедерациясының «Мийрас пенен байланысқан, этноспорт пенен бирлескен» сүрени астында этноспорт саммити, Пүткил жер жүзилик этноспорт конфедерациясының Атқарыў комитети ағзаларының ушырасыўы ҳәм Халықаралық этноспорт фестивалы парады да шөлкемлестириледи.












Ҳәзирги ўақытта Хорезмге Түркия, Монголия, Словакия, Россия Федерациясы, Австралия, Әзербайжан, Қубла Корея, Ҳиндстан, Египет, Польша, Қазақстан, Тәжикстан, Сербия, Бангладеш, Қырғызстан, Түркменстан, Малайзия, Сингапур, Кипр, Оман, Иран, Пакистан, Израил, Франция, Грузия, Зимбабве, Литва, Руминия, АҚШ, Венгрия, Тунис, Италия, Тайланд, Армения, Иордания, Индонезия, Аўғанстан, Австрия, Англия, Аргентина, Белорусь, Болгария, Бирлескен Араб Әмирлиги, Бразилия, Греция, Альжир сыяқлы мәмлекетлерден сырт ел делегацияларының ағзалары ҳәм мийманлар келмекте.

Хийўа қаласындағы Фаровон мийманханасында Өзбекстан Республикасы жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адҳам Икромов, Әзербайжан Республикасы жаслар ҳәм спорт министри Фарид Гаюпов ҳәм Россия Федерациясы спорт министри Олег Матыцинниң қатнасыўында халықаралық ҳәм жергиликли ҒХҚ ўәкиллери ушын баспасөз әнжуманы өткерилди. Әнжуманда Халықаралық этноспорт өз-ара байланысларды беккемлеў менен бирге ҳәр қыйлы халықлардың миллий спорт ойынларын ғалаба ен жайдырыў ҳәм сол арқалы туризмди раўажландырыў нәзерде тутылғанлығы атап өтилди.

Аҳмаджан ШОКИРОВ,
ӨзАның хабаршысы