Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 2-февральдағы “Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында Беруний районында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Қарар тийкарында ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының көрсетпесине муўапық районда турақ жайының төбеси шиферланатуғын 1189 турақ жай анықланып, соннан 127 аўыр турмыс шараятында жасаўшылар ҳәм жарамсыз жағдайға келип қалған 18  турақ жай анықланды.

Солардың бири Қызылқала аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Гүлзира Aбдуллаева бүгин таза жайға көшип өтти. Қызылқала аўыл пуқаралар жыйынында  1011 шаңарақ болып, соннан 61 турақ жайдың төбесин шиферлаў, 1 турақ жай бузып қайтадан қурыў белгиленди.

Президентимиздиң аталарша ғамқорлығы нәтийжесинде Гүлистан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Чинора Юсупова жаңадан қурып питкерилген турақ жайға ийе болды. Сектор басшылары оның шаңарағында болып, ғәрезсизлик байрамы ҳәм жаңа турақ жайы менен қутлықлады.

Районда жыл басынан берли кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж 18 шаңараққа усындай турақ жай қурып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги