Самарқандта өтип атырған Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша халықаралық конференцияның екинши күни Өзбекстан агроазық-аўқат инвестиция форумы менен басланды. Онда Германия, Италия, Израиль, Венгрия, Корея Республикасы, Польша, Әзербайжан, Қазақстан сыяқлы мәмлекетлерден 50 ден аслам компания қатнаспақта.

Инвестициялық форум шеңберинде халықаралық финанс институтларының грант қаржыларын, ири жойбарлар бойынша тиккелей инвестицияларды тартыўға байланыслы келисимлер, саўда келисимлерине қол қойылды.






Конференция өз жумысын даўам еттирмекте. Күн даўамында қатнасыўшылар Самарқанд ўәлаятындағы аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың жумысы менен де жақыннан танысты.

Бул халықаралық илаж дүнья мәмлекетлери алдында турған әҳмийетли мәселе – азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы илажларды жеделлестириў, шешимлерди додалаў, сондай-ақ, аграр тараўдағы жетискенликлерди үгит-нәсиятлаў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўда айрықша әҳмийетке ийе болып есапланады.







Қарақалпақстан хабар агентлиги