Экономика ҳәм қаржы министрлигине қараслы бюджеттен тысқары Пенсия қаржы тәрепинен усы жылдың сентябрь айы төлем дизимине киргизилген 4,5 млн пенсия алыўшылар ушын талап етилген қәрежетлер 5-сентябрь күнине шекем коммерциалық банклерге толық қаржыландырылды.

Өз гезегинде 31-август күнине шекем пенсия төлемлерин нақ пулсыз көринисте алатуғын 3,2 млн (ямаса жәми алыўшылардың 72 проценти) пуқаралардың сентябрь айы пенсия төлемлери банк карталарына толық жүклеп берилиўи тәмийинленди.

Әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық пенсия пулларын нақ көринисте алатуғынларға усы айдың төлемлери тастыйқланған графиклер тийкарында Халық банкиниң көшпели кассалары тәрепинен жеткерип берилиўи айтылған.

 

Дәрек: Пенсия қоры

Қарақалпақстан хабар агентлиги