АҚШтың Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Жонатан Ҳеник Өзбекстан – АҚШ денсаўлықты сақлаў ҳәптелиги шеңберинде ири конференцияда шығып сөйлеген сөзинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң жасларды инглис тилине оқытыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратып атырғанын қоллап-қуўатлады.

– Өзбекстан менен бирге ислесиўимиз узақ тарийхқа ийе. Биз денсаўлықты сақлаў тараўында тек ғана бүгинги күндеги машқалалар емес, ал келешекте жүзеге келиўи мүмкин болған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў ҳаққында да бирге ислесип атырмыз. Өз-ара байланысларымыз фармацевтика, лаборатория изертлеўлери, кадрлар таярлаў сыяқлы көплеген бағдарларды өз ишине алады.

Бул бирге ислесиўимиз ҳәм мәмлекетлик шөлкемлер дәрежесинде, ҳәм жеке меншик секторда жедел раўажланып атырғанын атап өтиў керек. АҚШтың жеке меншик компаниялары мәмлекетиңизге инвестиция киргизиўге үлкен қызығыўшылық билдирмекте.

Буннан тысқары, өз-ара билим ҳәм тәжирийбе алмасыў мақсетинде мәмлекетлеримиздиң медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери арасында академиялық алмасыўлар, билимлендириў бағдармалары жолға қойылған.

Мен Өзбекстан Президенти жасларды инглис тилине оқытыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратып атырғанын қоллап-қуўатлайман. Бул медицина тараўында да үлкен имканиятлар есигин ашады, деп атап өтти Ҳеник.

Қарақалпақстан хабар агентлиги