Әмелдеги нызамшылықта белгиленген психотроп дәри-дәрмақларды бажыхана шегаралары арқалы алып өтиў талапларына бойсынбаслық жуўапкершиликке алып келеди.

Хызмет ўазыйпасын инабатлы атқарып атырған бажыханашыларымыз инсан санасын зәҳәрлеп, денсаўлығына кери тәсир етиўши бундай психотроп дәри-дармақлардың мәмлекетимиздиң аймағына кирип келиўиниң алдын алмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Даўыт ата” шегара бажыхана посты арқалы Қазақстан Республикасы арқалы кирип келген “Лада-Ларгус” маркалы автотранспорт қуралы бажыхана тексериўинен өткерилди. Нәтийжеде  жолаўшы бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниӊ аўыз-еки сораўында айтылмаған ақ реңли пакет ишинде ҳәр бири 10 мг.нан болған 8 қутыда жәми 400 дана “Баклосан” психотроп дәрилерин ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз  Россия Федерациясынан республикамыздың аймағына алып киятырғанлығы анықланды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги