Антарктидада 10 000 ға жақын жас император пингвин шөжелери муздың ериўи себепли набыт болған. Бул олардың популяциясы ушын кери тәсир етиўи мүмкин.

Теңиз музлары ерип, шөжелер океанда жүзиў ушын зәрүр суў өткермейтуғын пәрлерди өсириўден алдын жарылып кеткен. Ақыбетте қуслардың бир бөлеги шөгип кеткен, бир бөлими болса музлап өлген.

Илимпазлардың айтыўынша, император пингвинлериниң 90 проценттен асламы усы әсирдиң ақырына шекем жоқ болып кетиўи мүмкин.

Тәбият таныўшы илимпаз Каролин Холмстың пикиринше, Антарктидадағы температураның көтерилиў тезлиги алдыңғы болжаўлардан өсип бармақта, бул болса пингвин муз платформасын барған сайын исенимсиз етип қоймақта.

«Император пингвинлери нәсиллик цикли ушын муз бөлегиниң қатты болыўы әҳмийетли. Олар өз әўладларын тәрбиялаўы ушын платформа беккем ҳәм кең болыўы керек. Болмаса, бул қуслар үлкен машқалаларға дус келеди», деди Британия Антарктика аналитикалық орайы (БАС) қәнигеси Питер Фретвел BBC менен болған сәўбетте.

 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги