Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында уллы алым Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниң 1050 жыллығына бағышлап «Әбиў Райхан Берунийдиң жәҳән цивилизациясы раўажланыўындағы орны ҳәм Өзбекстан раўажланыўындағы роли ҳәм әҳмийети» атамасында илимий семинар болып өтти.

Беруний районы ҳәкимлиги, «Беруний әўладлары» жәмийетлик фонды, оның жанындағы Берунийтаныў илимий орайы ҳәм Өзбекстанда демократиялық процесслерди таллаў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими бирге ислесиўинде шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшылары дәслеп Берунийдиң рәмзий қәбирине гүл қойып, ҳүрмет келтирди. Өткенлердиң руўхына Қуран оқылды. Берунийтаныўшы илимпазлар район орайындағы алымның монументине де барды.

Илимий-әмелий конференцияда Беруний районы ҳәкими А.Сапарбаев, «Беруний әўладлары» жәмийетлик фондының баслығы Қ.Шаниязов, Берунийтаныў илимий орайының директоры, философия илимлериниң докторы, профессор Б.Каримов, Өзбекстанда демократиялық процесслерди таллаў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, тарийх илимлери докторы, профессор Я.Абдуллаева шығып сөйлеп, энциклопедист-алымның дүнья илиминиң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси, өткерилип атырған конференцияның әҳмийетине тоқталды.

Атап өтилгениндей, өзиниң сийрек ушырасатуғын шығармалар ҳәм айрықша ойлап табыўлары менен дүнья жүзи илими ҳәм мәдениятының раўажланыўына шексиз үлес қосқан уллы ойшыл ҳәм энциклопедист-алым, Биринши Ренессанс дәўириниң жарқын ғайраткери Абу Райхан Берунийдиң илимий-ағартыўшылық мийрасын және де терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, бул бағдарда изертлеўлер алып барып атырған жетекши халықаралық илимий орайлар менен жақыннан бирге ислесиў орнатыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 25-августта «Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист-алым Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниң 1050 жыллығын халықаралық көлемде кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бул қарар тийкарында Әбиў Райхан Беруний туўылған күниниң 1050 жыллығын белгилеў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң қурамы тастыйықланып, республикамыздағы Әбиў Райхан Беруний атына байланыслы ески ҳәм зыяратлаў орынларын, соның ишинде, оған орнатылған естелик комплекслерин ири оңлаў ҳәм олардың аймақларын абаданластырыў, «Уллы Беруний мийрасы» халықаралық туристлик маршрутларды жолға қойыў белгиленди. Сондай-ақ, алымның илимий-дөретиўшилик мийрасына тийислик қолжазба ҳәм басқа да мәденият байлықларды реставрациялаў, оларды исенимли сақлаў ушын зәрүр шараят жаратыў, алымның мийрасын үйрениў мақсетинде халықаралық көлемде кең көлемли илимий излениўлер алып барыў және олардың нәтийжелерин жәриялаў, усы темада илимий, көркем-публицистикалық шығармалар жаратыў, сырт ел илимпазларының шығармаларын өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде басып шығарыў жумыслары әмелге асырылды.

Жәҳән цивилизациясына үлкен үлес қосқан уллы ойшыл ҳәм энциклопедист-алымның илимий-ағартыўшылық мийрасын халықаралық дәрежеде терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасалма ерк тараўында минез-қулқ, инклюзивлик ҳәм мәдений көптүрлиликти хошаметлеў, Өзбекстан ҳәм ЮНЕСКО арасындағы илимий-мәдений байланысларды және де кеңейтиў мақсетинде Президент қарарына муўапық, Әбиў Райхан Беруний атындағы ЮНЕСКО – Өзбекстан халықаралық сыйлығы шөлкемлестирилди.

Бул қарар менен Париж қаласындағы (Франция) ЮНЕСКО бас резиденциясында 2023-жыл 4-8-сентябрь күнлери Әбиў Райхан Беруний өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған халықаралық көргизбе ҳәм илажларға таярлық көриў және оларды өткериў бойынша илажлар режеси де тастыйықланды. Көргизбеде усыныў ушын дүнья жүзи китапханаларында сақланып атырған сийрек ушырасатуғын қолжазбалар нусқаларынан ибарат арнаўлы каталог инглис ҳәм өзбек тиллеринде басып шығарылды.

Конференцияда бир қатар илимпазлар ҳәм илимий хызметкерлердиң Беруний мийрасының ҳәр қыйлы тәреплери ҳаққында баянатлары тыңланды.

Әбиў Райхан Берунийдиң илимий дөретиўшилигин үйрениў ҳәм кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаўдағы уллы хызметлери ушын Берунийтаныў илимий орайының директоры, философия илимлериниң докторы, профессор Бахтияр Каримов ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы Қурбан Муҳаммад Ризо «Беруний әўладлары» жәмийетлик фондының көкирек нышаны менен сыйлықланды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы