Социаллық тармақларда тарқалған Елликқала районында 13 жасар қыздың намысына тийгени ҳаққындаға видеомүрәжат бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы рәсмий мүнәсибет билдирди.

Онда атап өтилиўинше, Елликқала районы «Амирабад» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқара М.З. 2023-жыл 30-августта районлық Ишки ислер бөлимине мүрәжат етип, 2010-жылы туўылған жас өспирим ақлығы Т.Сны усы аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы қоңсысы З.Ш. қорқытқаны ҳәм зорлық ислегени себепли оған нызамлы илаж көриўди сораған.

Бул жағдай Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен орнында үйренилип, суд-медицина экспертизасының 2023-жыл 5-сентябрьдеги жуўмағы, тергеўге шекем тексериўде топланған ис ҳүжжетлери инабатқа алынып, гүманланыўшыға жынаят иси қозғатылып, ол Жынаят процессуаллық кодексиниң 221-статьясы тәртибинде усланды.

Тергеўдиң ҳәр тәреплеме толық ҳәм әдил өткерилиўи Қарақалпақстан Республикасы прокуроры тәрепинен қадағалаўға алынды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги