“Мәҳәлле” қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Елимизде халықтың жәрдемге мүтәж қатламын, әсиресе, имканияты шекленген пуқараларды мәнзилли социаллық қорғаў мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарынан бири сыпатында белгиленген. Байрам мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж инсанларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў менен байланыслы қайырқомлық илажы өткерилмекте. Усы қайырлы ислерди даўам еттирген ҳалда бөлим хызметкерлери имканияты шекленген, жәрдемге мүтәж пуқаралардың ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға байрам саўғаларын тапсырды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги