Социаллық тармақларда «Пахта терими ушын жаңа төлем баҳалары жәрияланды» атамасы астында хабарлар тарқалды. Оған Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен рәсмий мүнәсибет билдирилди.
Министрлик тараўда алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, машқалаларды үйрениў ҳәм сапластырыў бойынша ашықтан-ашық сөйлесиўге бәрқулла таяр екенин, бирақ солай болса да, социаллық тармақларда айырым мағлыўматлар ақырына шекем үйренип шығылмастан, бир тәреплеме көзқарас тийкарында көпшиликке кеңнен усыныў жағдайыларының ушырасып атырғанын атап өткен.
«Аўыл хожалығы министрлиги социаллық тармақларда тарқатылған хабарды ҳәр тәреплеме ҳәм қалыс үйренип шыққан ҳалда, төмендегилерди мәлим етеди: пахта терими ушын төлем баҳалары ҳәр жылы мәўсим басланыўынан алдын, анық бир мүддетте белгиленеди ҳәм базар принциплери итибарға алынған ҳалда ҳүкимет тәрепинен тастыйықланады. Теримниң ҳәр бир түри ушын өз алдына сумма белгиленеди, кейин барлық ҒХҚ арқалы жәрияланады.
Ҳәзирги күнлерде пахта теримине баҳа белгилеў бойынша жумыслар министрликлер менен келисим процесинде. Бунда оның биринши ҳәм екинши терими ушын (сортларын есапқа алып) қанша баҳа белгиленетуғыны анық көрсетиледи. Жуўмақлап соны айтыў мүмкин, ҳәзирги тарқалған хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди» делинеди министрликтиң мүнәсибетинде.
Сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлиги ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлерди тарқатылып атырған мәлимлемениң исенимлилигин тексериў ҳәм қалыс мәлимлеме бериў керек екенине және бир мәрте шақырып қалған.
ӨзА