Нөкис қаласындағы Ашық театрда Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына бағышланған “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!”  атамасындағы театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам салтанаты жоқары көтериңки руўхта өткерилди.

Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта. Президентимиздиң усы жыл 27-июльдеги “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз бойлап кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды.

Быйылғы жылғы байрамның “Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!” деген баслы идея астында өткерилиўи елимизде  әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер биринши гезекте халқымыздың мәпи, оның бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди. Ҳәр жылдағыдай, быйылғы жылы да байрам алдынан бир қатар өндирислик, социаллық-мәдений объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Пайтахтымыздағы Ашық театр, оның әтирапы елимиз ғәрезсизлигин, халқымызды, халықлар дослығын улығлаўшы шақырық-сүренлер, инсанға заўық бағышлайтуғын рәңбәрең гүллер, түрли реңдеги жақтыландырыўшы шырақлар менен безелген.

Шақырық сазы менен байрам салтанаты басланып, қутлықлаў ушын сөз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевқа берилди.

Республикамыз басшысы жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстанда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соңғы бир неше айдың өзинде тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыўға беккем тийкар белгилеп берилди.

Соның менен бирге, елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды. Буның нәтийжесинде халқымыз ушын жаӊа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары, көплеген социаллық объектлер иске түсирилди. Буннан тысқары жасларымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары билим алыўына шараят жаратыў, кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың қәбилетин жүзеге шығарыў бағдарында бир қанша илажлар әмелге асырылмақта.

Өз гезегинде жасларымыз бундай итибар ҳәм ғамхорлыққа жуўап ретинде ҳәр түрли тараўларда жоқары табысларды қолға киргизбекте.

Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Музыка фонында бул жерде орнатылған монитор арқалы Президентимиздиң басшылығында ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табыслар, республикамызда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары  ҳәр бир қатнасыўшыда айрықша қуўаныш және мақтаныш сезимлерин пайда етти.

Байрам тамашалары “Ниҳол” сыйлығының лауреаты Наўрызбек Мухаммедияров, жас талант ийелери Алымбай Каримбаев,  Меҳрибан Жиемуратова ҳәм Гүлбану Рейпназаровалар атқарыўындағы “Жаңа Өзбекстан” қосығы менен басланды. Буннан кейинги спорт, “Биз Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстан перзентлеримиз!”, “Қүдиретли Армия” бөлимлеринде спортшыларыдың көргизбели шығыўлары, Арқа-батыс әскерий округи әскерлери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар кеўиллерге үлкен заўық бағышлады.

Республикамызда түрли миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай беккем аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип келмекте. “Өзбекстан дослық дияры” халықлар дослығы бөлиминде рус, корейс, қазақ, түркмен ҳәм украин халықларының миллий қосықлары шеберлик пенен атқарылды.





Байрам тамашасы “Ўатан тынышлығы” композициясы менен жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына бағышланған бундай илажлар республикамыздың барлық районлары ҳәм аўыллары бойлап даўам етти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Азизбек Дабыловтың түсирген сүўретлери