***

 «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды жанындағы «Сақаўат ҳәм жәрдем» қоры есабынан азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Елимизде әзелден жақсы қәдирият қәдирленип келеди. Бул да болса, байрамлар алдынан нураний кекселер, жесирлер, наўқас инсанлардың жағдайынан хабар алыў болып табылады.

Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги байрамы алдынан да Төрткүл районы сектор басшылары районындағы мүтәж, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың квартираларында болып, оларды байрам менен қутлықлады.

Атап айтқанда, район ҳәкими Р.Шамуратов райондағы Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы И.Ф.Галенко менен ушырасып, ата менен сәўбетлесип заўық алды. Нураний атаға беккем денсаўлық тиледи.

Сондай-ақ, шаңарақ ийелерине «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды жанындағы «Сақаўат ҳәм көмек» қорының қаржылары есабынан азық-аўқат өнимлери берилди.

***

Қараөзек районы «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Мәденият орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасы ҳәм Қараөзек районлық Кеңесиниң депутатлары, районлық мәкеме, шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында аймақ пуқараларының мүрәжатлары тыңланды.

Мүрәжатлар тийкарынан бәнтлик, жол, суў ҳәм электр энергиясы ҳәм социаллық қорғаў мәселелери бағдарында келип түсти.

Мүрәжатлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли тараў ўәкиллери бекитилип, орынланыўы депутатлық қадағалаўға алынатуғыны белгилеп алынды. Буннан кейин социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, Мәҳәлле қайырқомлық фонды районлық бөлими тәрепинен азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги