30-август күни мәмлекетимизге жаңадан тайынланған сырт елли елшилер тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёевқа исеним жарлықларын тапсырған Уллы Британия елшиси Тимоти Смарт мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумыслар көлемин жоқары баҳалап, миссиясы даўамында Өзбекстанның халықаралық көлемдеги ақылға уғрас сиясатын есапқа алып, еки тәреплеме қатнасықларға жаңа руўх бағышлайтуғынын атап өтти.

– Мәмлекетиңиз оғада тез пәтлерде раўажланып бармақта. Өзбекстан Президенти тәрепинен алға қойылып атырған усыныслар менен басламалар, сондай-ақ, әмелдеги реформалар бағдарламасының көлеми оғада кең. Уллы Британияның Өзбекстандағы елшиси сыпатында өз-ара бирге ислесиўимизди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярман.

Билимлендириў тараўын алатуғын болсақ, дерлик барлық министрлер ҳәм ҳүкимет рәсмийлери инглис тилинде жоқары дәрежеде сөйлеспекте. Бул, әлбетте, оғада таң қаларлық жағдай. Саўда-инвестициялық байланыслар да кеңейип бармақта. Республиканың инфраструктуралық келбети күннен-күнге жаңаланып атыр, деп айтыў мүмкин. Буның негизинде болса қолайлы бизнес жүргизиў орталығы ҳәм нызам үстинлиги жатыр.

Британия тәрепи Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўының тәрепдары. Британиялы инвесторларды бирге ислесиўге шақырып, мәмлекетиңиз экономикасын арттырыўды өз алдымызға мақсет етип қойдық. Қандай да бир мәселелер жүзеге келсе, бәршесин өз-ара ҳүрмет ҳәм пайдалы бирге ислесиў арқалы жеңип өтемиз.

Еки мәмлекетти байланыстырып туратуғын тәреплер шексиз, бир-биримизден көп нәрсени үйренсек болады. Мениң ўазыйпам болса мине усы өз-ара байланысларды беккемлеў ҳәм демократиялық жақтан жаңа басқышқа алып шығыўдан ибарат. Өзбекстанда өз миссиямды алып барып атырғанымнан оғада қуўанышлыман.

ӨзАның хабаршысы

Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ жазып алды