Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 12-январьдағы пәрманына муўапық, мәмлекетимиз Қураллы Күшлери дүзилгениниң 31 жыллығы, Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының бир топар хызметкерлери әскерий атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

Олардың арасында жерлесимиз, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме-коммуникaция технологиялары ҳәм байланыс әскерий институтының  кафедра баслығы, доцент Даўлетмурат Жақсымов  «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.  Жақында хызмет сапарымыз ўақтында оның менен ушырасып, өзимизди қызықтырған бир қатар сораўларға жуўап алдық.

-Ең дәслеп сизди Президентимиз,  Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң Бас сәркардасы қолынан мәмлекетимиздиң жоқары орденин алғаныңыз бенен қутлықлаймыз?

-Рахмет.

Сәўбетимиздиң басында оқыўшыларға өзиңизди жақынырақ таныстырып өтсеңиз?…

-1978-жылы Шымбай районы «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйынында муғаллимлер шаңарағында туўылдым. Әкем Базарбай Жақсымов 50 жылға шамалас билимлендириў тараўында мийнет етти. Қарақалпақстан халық муғаллими ҳүрметли атағына ийе, анам Саятхан Толыбаева да муғаллим, Жасларға узақ жыллар тәлим-тәрбия берди. Ҳәзир ҳүрметли дем алыста. Ини-қарындасларымның көпшилиги  ата-анамыздың жолын даўам етип атырған болса, мен әскерий хызметти таңладым. Бул қызығыўшылығым мени 1993-жылы Үргенш әскерий лицейине алып келди. Бул лицейди табыслы тамамлап, 1996-2001-жыллары Ташкент электротехника байланыс институтының (Ташкент информацмиялық технологиялар университети) арнаўлы факультетинде билим алдым. Питкергеннен кейин лейтенант әскерий дәрежесин алып,  әскерий хызметке жоллама алдық.

-Мийнет жолыңызды қай жерде басладыңыз?

-Шығыс әскерий округине қараслы Ферғана ўәлаяты Марғулан қаласындағы әскерий бөлимлердиң биринде топар командири болып хызметимди басладым. Буннан кейин взвод командири, штаб баслығының орынбасары лаўазымларында хызмет атқардым. 2005–жылы Mухаммад aл-Хоразмий атындағы Ташкент информациялық  технологиялар университетиниң арнаўлы факультетинде  дәслеп оқыў-лаборатория баслығы, бөлим баслығы, оқыў ислери бойынша баслықтың орынбасары болып иследим.

2011-2013-жыллары Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Академиясында билим алдым.  Бул жерди табыслы тамамлап және әскерий хызметке атландым. Орайлық әскерий округине қараслы Жиззақ ўәлаятындағы әскерий бөлимлердиң биринде әскерий бөлим командириниң биринши орынбасары, Ташкент информациялық технологиялар университетиниң арнаўлы факультетинде аға оқытыўшы болып иследим. 2018-2020-жыллары Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Академиясының таяныш докторантурасында билим алдым. Сол жылы ноябрь айында Әскерий байланыс системасын санластырыў темасында илимий жумысымды табыслы жақлап, әскерий илимлер бойынша философия докторы илимий дәрежесин алдым. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Мәлимлеме-коммуникaция технологиялары ҳәм байланыс әскерий институтының  кафедра баслығы лаўазымында ислеп киятырман. Тараўдағы узақ жыллық хызметим ушын «МҚХ шегара әскерлери ағласы», «Үлгили хызметлери ушын», «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигине 15 жыл», «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерине 30 жыл» көкирек белгилери, 2021-жылы полковник әскерий дәрежеси, быйылғы жылы «Дўстлик» ордени менен сыйлықландым.

-Қарақалпақстанлы жаслардың арасында әскерий хызметке қызығыўшылық төмен дәрежеде деген гәплерди еситип қаламыз.  Буған сизиң пикириңиз қалай?

-Мен буған қосылмайман. Ҳәр жылы әскерий жоқары оқыў орынларына Қарақалпақстаннан 40-50 жасты таңлап аламыз. Олардың арасынан он беске жақыны барлық имтиханларды табыслы тапсырып, әскерий оқыў орынларына қабыл етиледи. Бүгинги күни мәмлекетимиздиң дерлик барлық аймағындағы әскерий бөлимлерде түрли лаўзымларда хызмет атқарып атырған  қарақалпақстанлы жигитлерди ушыратыўымызға болады. Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлер академиясында, басқа да әскерий оқыў орынларында келешегинен үмит күттиретуғын жаслар билим алмақта. Жылдан-жылға жаслардың әскерий хызметке қызығыўшылығының артып баратырғаны көзге тасланады



-Шаңарақ ағзаларыңыз бенен таныстырып өтсеңиз. Перзентлериңиздиң арасында әскерий хызметти таңлағанлары бар ма?

-Өмирлик  жолдасым Гузаль Камалова Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде экономика пәнинен үлкен оқытыўшы. Биргеликте еки қыз, бир улды тәрбиялап атырмыз. Үлкен қызым Динара Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетинде япон филологиясы бойынша 3-курста тәлим алмақта.  Екинши қызым Камилла быйыл Жәҳәм экономикасы ҳәм дипломатия университетиниң халықаралық қатнасықлар факультетине оқыўға кирген болса,  улым  Жахангир мектеп оқыўшысы.  Оның келешекте қандай кәсип ийеси болатуғынын ўақыт көрсетеди.

-Алдағы режелериңиз қандай?

-Докторлық диссертациямды табыслы жақлап, елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмысын мүнәсип қорғайтуғын әскерий қәнигелерди таярлап шығарыўға өз үлесимди қоспақшыман.

-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет, Алдағы әскерий ҳәм илимий жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз.

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы