Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Қайырқомлық аукционы» шөлкемлестирилди. Онда басқармасы басшылары, қәнигелери ҳәм исбилерменлик субъектлери ўәкиллери қатнасты.

Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Нөкис «Мүриўбет» майыплығы болған ҳаял-қызлар интернат үйи жасаўшылары болған имкәнияты шекленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Аукцион шеңберинде «Мириўбет» мектеп-интернаты тәрбияланыўшылары тәрепинен исленген өнерментшилик буйымлары, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик өнимлери, пластикалық буйымлардан исленген композициялары сыяқлы 30 дан аслам қол мийнетлери аукционға қойылды.






Қол мийнети менен қурамалы усылда исленген «Таўыс» композициясы ең жоқары баҳада – яғный, 1650000 сумға сатылды.

Буннан соң, аукционнан  жыйналған қаржылар толығы менен «Мүриўбет» мектеп-интернатының есап-бетине өткерилип берилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги