Ҳәр бир саналы инсан өз елиниң тарийхы ҳәм өтмишин билиўге қызығады. Бул ҳаққында сөз басланса, оны қунт пенен тыңлап, әңгимеге өзиниң көрген-билген ҳәм еситкен ўақыяларын қосыўға ҳәрекет етеди. Бирақ, бурынғы дәўирлерде елимизде жазба түрдеги архив ҳүжжетлериниң азлығы себепли, көпшилик елат ҳәм онда жасап өткен тарийхый тулғалардың өтмиши жазылмастан, халық аўызында қалып кете берди.

1928-жылы Шымбай болыслығынан бөлинип, өз алдына отаў тиккен Кегейли районы аймағынан да өткен жыллар ишинде өз дәўиринде пүткил елге даңқы шыққан белгили инсанлар өсип жетилисти. Районның халық хожалығы тараўы усы жыллар ишинде қәлиплесип, алға қарай раўажланды.

Бүгинги күнге келип, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында, республика ҳүкимети ҳәм район басшыларының алып барып атырған үлгили ислериниң нәтийжесинде, район аймағында ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз берип, халықтың турмысы абаданласпақта.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы М. Нызанов, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист П.Хожамуратова ҳәм Г.Нызановалар тәрепинен Кегейли районы дүзилгениниң 95 жыллығына арнап жазылған ҳәм «Жети ықлым» баспасында басып шығарылған «Кегейли» китабында, районның тарийхый өтмиши ҳәм бүгини, географиялық жайласыўы, тәбийғый өзгешеликлери, район басшылары, онда туўылып, жасап өткен белгили инсанлар  ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилген.


Сондай-ақ, китаптың ишки муқабасында берилген районның 1939-жылғы географиялық картасы, район халқының саны, милиий қурамы көрсетилген кестелер, суўғарыў тармақлары, жер майданы ҳаққындағы мағлыўматлар китап оқыўшыларында қызығыўшылық оятады.

Китап офсет усылында, 300 нусқада басып шығарылған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы