Бүгин «Жаслар орайы»нда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласында усы жылдың 3-сентябрь күни өткерилетуғын «Жаңа нәпес» марафонын шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Мәжилиске марофонды шөлкемлестириў комитетиниң ағзалары қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов алып барып, онда өткерилетуғын илаж ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, бул марафон пуқаралар, әсиресе, жаслардың қәлбинде мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң әҳмийетин жеткериўде, оған ҳүрмет пенен қараўда, ўатансүйиўшилик сезимлерин күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, бул илаж саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған әҳмийетли илаж болып есапланады.

Халықаралық қағыйдаларға муўапық заманагөй принциплер тийкарында өткерилетуғын бул марафонда жеңимпазлардың барлығы мүнәсип сыйлықанады.

Марафон елимиздиң бир неше қаласында бир ўақыттың өзинде басланып, пайтахтымызда жуўырыўшыларға 3 километрлик аралық белгиленген. Бул марафон республикамыздағы 7 жастан 70 жасқа шекемги жарысқа қатнасыў бойынша қәлеўин билдирген ҳәр бир пуқараны бирлестирип, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигин белгилеўдеги халықтың кейпиятын және бир мәрте өзинде сәўлелендиреди.

Республикамызда жарысқа қатнасыў ушын дизимнен өткен барлық пуқараларға, соның ишинде, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери»нде дизимде турғанлар, имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған инсанлар ушын да барлық шараятлар жаратылған.

Мәжилисте марафонды шөлкемлестириў мәселелери қарап шығылып, жарысқа қатнасыўшылардың ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, денсаўлығын сақлаў, оны ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў, тастыйықланған маршрут, қатнасыўшылар ушын арнаўлы футболка ҳәм кепкалардың дизайны, номерлери, баннерлер, жеңимпазларды сыйлықлаў ушын тапсырылатуғын диплом ҳәм саўғалар және бир мәрте көрип шығылды.







Мәжилисте тараў жуўапкерлерине тийисли тапсырмалар берилип,  ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги