30-август күни мәмлекетимизге жаңадан тайынланған сырт ел елшилери тәрепинен исеним жарлықларын тапсырыў мәресими болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёевқа исеним жарлықларын тапсырған сырт ел дипломатлары қатарында Бангладеш Халық Республикасының елшиси етип тайынланған Мухаммед Монирул Ислам да бар.

– Өз жойбарымды таныстырыў ушын имканият берген Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдиремен,-деди Мухаммед Монирул Ислам. – Сондай-ақ, сыртқы ислер министрине де өз миннетдаршылығымды билдиремен. Халқыңыз бизди жыллы күтип алды.

Дипломат Өзбекстан ҳәм Бангладеш арасындағы дослық байланыслар күн сайын беккемленип атырғанын айрықша атап өтти. Ол, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында тарийхый ҳәм мәдений уқсаслық бар екенлиги, бирге раўажланып, жаңа бирге ислесиўлерге қәдем таслап атырғанымызды атап өтти. Исбилерменлик, билимлендириў, мәденият тараўлары солардың қатарына киреди.

– Ерискен жетискенликлеримиз ҳәм табысларымыз ҳеш кимге сыр емес. Бул халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де тән алынбақта,-деп атап өтти Мухаммед Монирул Ислам. – Дослығымызды, бирге ислесиўимизди қәдирлеймен. Биз әллеқашан бирге ислесиў жолындағы картамызды дүзип болдық, оны әмелде енгизиў ҳәрекетиндемиз.

Инвестиция ҳәм исбилерменлик тармақлары – фармацевтика, текстиль, аўыл хожалығында да саўда муғдарының кеңейип атырғаны атап өтилди. Елши бул бирге ислесиў табыслы болыўына үмит билдирип, сөзиниң жуўмағында Өзбекстан халқын Ғәрезсизликтиң 32 жыллығы менен қутлықлады.

ӨзАның хабаршысы

Беҳруз Худойбердиев жазып алды.