Малайзия – Өзбекстанның Қубла-Шығыс Азиядағы әҳмийетли бирге ислесиўшиси. Мәмлекетлеримиз арасында экономика, мәденият, электроника ҳәм электротехника, мәлимлеме технологиялары, азық-аўқат санааты, туризм, билимлендириў ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўди және де раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Елимизге жаңадан тайынланған Малайзияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Илҳом Туа Бин Илёс Президент Шавкат Мирзиёевқа исеним жарлықларын салтанатлы тапсырыў мәресими жуўмағына жеткеннен соң, еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм келешекте әмелге асырылыўы нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында пикирин билдирди.

– Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев пенен ушырасқанымнан оғада қуўанышлыман. Малайзия тәрепи турақлы раўажланыў жолында мәмлекетиңизди қоллап-қуўатлаўға таяр. Көплеген малайзиялылар туристлик мақсетлерде үлкеңизге барады. Әлбетте, з!ярат туризми бағдарындағы бирге ислесиўди раўажландырамыз.

Сондай-ақ, билимлендириў тараўында да тығыз бирге ислесип келмектемиз. Қалаберди, еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўлар орнатылған. Мәлимлеме технологиялары бағдарында да шерикликти раўажландырыў нийетиндемиз. Бул ҳүжжетке Өзбекстан Президентиниң Малайзияға сапары ўақтында айрықша итибар қаратылды. Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан халқын Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлайман.

ӨзАның хабаршысы

Беҳруз Худойбердиев жазып алды