Нызамға бола, Гидротехника қурылмаларының жойбар көрсеткишлери параметрлерине, оларға жүклемелер ҳәм тәсир көрсетиў факторларына, сондай-ақ, қурылыста қолланылатуғын материалларға, пайдаланыў шараятларына қарап гидротехника қурылмалары I, II, III ҳәм IV классларға бөлинеди.

Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды бақлаў инспекциясы гидротехника қурылмаларының қәўипсизлиги тараўындағы арнаўлы мәмлекетлик уйым етип белгиленди.
Гидротехника қурылмаларында айырықша жағдайлардың жүзеге келиўи қәўипин ең көп дәрежеде азайтыў бойынша профилактика илажларын әмелге асырыў олардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қойылған тийкарғы талаплардан бири есапланады.
Айрықша жағдайларды сапластырыў ушын финанслық ҳәм материаллық ресурслардың резервлери олардан оператив түрде пайдаланыў мақсетинде пайдаланыўшы шөлкемлер тәрепинен алдыннан жаратылады.

Гидротехника қурылмаларынан пайдаланыў дәўиринде айырықша жағдай жүзеге келиўи нәтийжесинде басқа шахслардың өмирине, денсаўлығына ҳәм (ямаса) мүлкине, сондай-ақ қоршаған орталыққа зыян жеткергени ушын пайдаланыўшы шөлкемлердиң пуқаралық жуўапкершилигин қамсызландырыў нызамшылықта белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен 3 ай өтип күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги