Қырғызстан «TikTok»ты блоклады. Буған «TikTok» социаллық тармағының балаларға ақылый жақтан раўажланыўы ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсири ҳаққындағы қәўетерлер себеп болған.

Социаллық тармақтың балаларға зыяны ҳаққында мәмлекетлик емес коммерцияллық емес шөлкемлер тәрепинен көплеген мүрәжатлар келип түскен. Қәўетерлерге бола, «TikTok» өз пайдаланыўшыларын қысқа роликлердиң виртуал мәканына тартады, оларды көргеннен кейин жас өспиримлер мәлим видеоларды тәкирарлаўға ҳәрекет етеди, олардың айырымлары өмир ушын қәўипли».

Қарар кейинги орынланыў ушын Санлы раўажланыў министрлигине жибериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги