Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы  байрамы Әмиўдәрья районында да салтанатлы жағдайда белгиленди.

Оған район басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, аймақтағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем баслықлары, нураныйлар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы Рашид Салаев шығып сөйлеп, аймақ халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 32 жыллық қутлы байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары район турмысында жүз берип атырған жаңаланыўлар, халық хожалығының барлық тараўларында қолға киргизилип атырған жетискенликлер туўралы кең түрде айтып өтти.

Буннан соң көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасына нәўбет берилип, онда жаңлаған ана-Ўатан ҳәм ғәрезсизликти жырлаўшы қосықлар, жас спортшылардың көргизбели шығыўлары илаж қатнасыўшыларына өзгеше заўық бағышлады.







Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы