Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен ҳәр қыйлы тараўларда мийнет етип атырған ўатанласларымыз Ўатанымыздың жоқары мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықланды.

Ғәрезсизликти беккемлеў, Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған реформаларға қосқан мүнәсип үлеси, илим, билимлендириў, әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыўдағы мийнети ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны ушын ҳүрметли атақлар менен сыйлықланғанлардан бир топарына сыйлықлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында салтанатлы түрде тапсырылды.

Сенат баслығы Танзила Норбоева илажға жыйналғанларды Ғәрезсизлик әййямы менен қутлықлады.

– Ғәрезсизлик – тек ғана өз жолымызда алға умтылыў емес, ал өз қарарларымызды әмелге асырыўға имканият берген уллы жемис болып табылады,-деди Т.Норбоева. – Президентимиздиң басшылығында елимиздиң келбети, халқымыз турмысында түпкиликли өзгерислер әмелге асырылды. Орынларда болып, адамлар менен ушырасқанымызда, олардың кейпияты, ертеңги күнге исеними жоқары екениниң гүўасы болмақтамыз. Бул, әлбетте, раўажланыўдан, халық турмыс дәрежеси жақсыланып баратырғанынан дәрек береди. Ең әҳмийетлиси, Өзбекстан халықаралық шөлкемлер тәрепинен ең тез раўажланып атырған мәмлекет, көплеген тараўларда үлги болыўға арзыйтуғын мәмлекет сыпатында тән алынып атырғаны ҳәммемизге үлкен мақтаныш бағышлайды. Онда болса өз кәсибиниң устасы ҳәм пидайысы болған ўатанласларымыздың орны үлкен.



















Сенат баслығы сыйлықланғанларды жоқары атақ пенен қутлықлады сондай-ақ, орден ҳәм медальларды өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.

– Ғәрезсизликтей уллы байрамымыз алдында усындай хошаметке ерискенимнен оғада қуўанышлыман,-деди «Дўстлик» ордениниң ийеси, филология илимлериниң докторы, профессор Нурбай Жабборов. – Бүгинги күнде билимлендириў, тәрбия, әдебият тараўына ҳәр қашанғыдан да үлкен итибар қаратылмақта. Ҳүрметли Президентимиз дерлик ҳәр бир шығып сөйлеген сөзинде билимлендириў, муғаллим деген сөзлерге айрықша итибар берип келмекте. Билимлендириўди түп-тийкарынан жақсылаў, муғаллимниң абырай-мәртебесин жоқарылатыўға итибар қаратылмақта. Ата-бабаларымыз да жас әўлад тәрбиясын миллет тәрбиясы, деп билген. Ҳақыйқатында да, миллет, Ўатанның раўажланыўы жетисип шығып атырған кадрларға тиккелей байланыслы. Мине усы тараўдың бир ўәкили сыпатында сыйлыққа ийе болғанымды билимлендириў тараўына мәмлекеттиң жоқары итибары, деп билемен. Ҳәзирети Әлийшер Наўайы айтқанындай, сен халқың, миллетиң ушын шын кеўилден хызмет ететуғын болсаң, оған пайда келтиретуғын болсаң, биринши гезекте өзиң пайда көресең. Усы мәниде хызметлеримиздиң тән алыныўы бизди жаңа шеклерди ийелеўге ийтермелейди. Президентимиз жәмийет алдына қойып атырған – ^шинши ренессанс идеясын әмелге асырыўға бар имканиятымызды қаратамыз.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы