Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық сәнеси мүнәсибети менен Республикалық АИЖСке қарсы гүресиў орайында  кәсиплик аўқамы комитетиниң шөлкемлестириўи менен байрам илажы өткерилди.

Оған усы орайда жумыс ислеўши хызметкерлер қатнасты.

Илажда усы орай бас шыпакериниң орынбасары Айша Аминова, Орайдың кәсиплик аўқам комитети баслығы Гүлайым Хабиповалар байрам қатнасыўшыларын ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап, оларға өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Соның менен бирге, байрам кешесинде усы орайда ислеўши 13 хызметкердиң перзентлерине зәрүрли оқыў қураллары, юбилей жасқа толған жети хызметкерге естелик саўғалары тапсырылды.   Сондай-ақ, 2  жастан 3 жасқа шекемги бала тәрбиясы ушын дем алыста болған еки хызметкер анаға қаржылай жәрдем пуллары берилди.

Өзлерине көрсетилген бундай ғамқорлықтан кеўиллери толған орай хызметкерлери орай басшылары ҳәм кәсиплик аўқам комитетине өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы