«Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» сүрени астында пүткил елимиз бойлап белгиленип атырған Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында байрам илажы шөлкемлестирилди.

Оған хожалық бөлими, сондай-ақ, факультетлер ҳәм кафедраларда мийнет етип атырған техник хызметкерлер, лаборантлар ҳәм олардың перзентлери қатнасты.

Илажда институт ректоры ўазыйпасын атқарыўшы Қувондиқ Қодиров сөзге шығып, жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлап, оларға өзиниң ең жақсы тилеклерин билдирди.

Сондай-ақ, илажда институттың кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен  усы оқыў дәргайында жумыс ислеўши 250 ден аслам хызметкерлердиң перзентлерине ишинде оннан аслам түрдеги оқыў ҳәм кеңсе буйымлары болған сумкалар жаңа оқыў жылына байрам саўғасы сыпатында тапсырылды.






Өз гезегинде, институт хызметкерлери байрам қарсаңында көрсетилип атырған усындай итибар ҳәм ғамқорлықлар ушын институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитетине өзлериниң терең миннетдаршықларын билдирди.

Институт хызметкерлерине көрсетилип атырған бундай ғамқорлық, олардың перзентлерин де шексиз қуўанышқа бөледи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы