Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында «Сапалы билимлендириў – күшли жәмийет» атамасында еки күнлик оқыў-семинары басланды.

Онда усы орай директоры Б.Диланов, оның оқыў ислери бойынша орынбасары И.Пирниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, оқыў-семинарын өткериўдиң әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, 2023-2024-оқыў жылында билим бериўдиң сапасын арттырыўға қаратылған реформалар ҳәм алдағы ўазыйпалар бойынша мағлыўматлар берилди.

Оқыў-семинарда қәнигелер тәрепинен методикалық хызмет көрсетиў бөлиминиң алдағы ўазыйпалары, улыўма орта билимлендириў мектеплериниң 2023-2024-оқыў жылына мөлшерленген оқыў режелериндеги (таяныш, таңлаў, қәнигелестирилген, варятив, екинши шет тили) өзгерислер бойынша критерияларға тийкарланған баҳалаў, жаңа баҳалаў системасы, ана тили ҳәм әдебияты пәнин оқытыўда жаңаша көзқарас, халықаралық тәжирийбелердиң мазмуны ҳәм әҳмийети, әмелий пәнлер сабақлықларын 4К модели тийкарында қәлиплестириў мәселелери бойынша кең түрде түсиниклер берилди.





Оқыў-семинарда оқыўшыларда ХХI әсир көнликпелерин раўажландырыў, музыка пәнин 4К модели тийкарында шөлкемлестириў, режеге тийкарланған билимлендириў, жаңа оқыў жылы ушын ислеп шығылған оқыў-реже, календарь тематикалық-реже ҳәм усыныслар, өзбек тили, түркмен тили, қазақ тили сабақларында әмелий сабақларды дурыс шөлкемлестириў ҳәм әмелий  көнликпелерин қәлиплестириў темаларында баянатлар жасалды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги