Қарақалпақстан Республикасында 2023-2024-жыллары гүзги-қысқы мәўсимине таярлық көриў, оны шығынсыз өткериў, энергетика ҳәм газ системасының турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў, халық ҳәм экономика тармақларына электр энергиясы ҳәм газ ресурсларын жеткерип бериўде жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша сәркардалық-штаб оқыў шынығыўлары өткерилмекте.

Мине усындай әмелий оқыў шынығыўы «Аймақгаз Қарақалпақстан» филиалы тәрепинен шөлкемлестирилди. Оқыў шынығыўы Нөкис қаласы Шымбай гүзары мәҳәллесиндеги жоқары басымлы газ қубырындағы аварияны ҳәм өртти сапластырыў, сондай-ақ, «Қарақалпақстан аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийети қарамағындағы подстанция «Орайлық күш трансформаторында жүз берген аварияны ҳәм өртти сапластырыў» атамасына бағышланды.













 М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги