Даўытбай Қайыпов

Ҳәр бир миллеттиң өзине тән өзгешеликлерин оның ана тили, салт-дәстүри, үрп-әдетлери, көркем өнери ҳәм мәдениятынан көриўимизге болады. Халықлардың нама-қосықлары, ҳаўазлары, сөйлеў ырғақлары да бир-биринен әдеўир парықланады.

Ҳаўазлар. Реңлер. Намалар. Олар кеўиллерге сондай заўық бағышлап, көрген көзди қуўандырып, қулақтың қурышын қандырады.

Ҳаўаздың қандай сырлы күшке ийе екенлигин, тыңлағанларды қай дәрежеде бийлеп алатуғынлығын көплеген ертек-әпсаналардан ямаса өтмиштеги турмыслық ўақыялардан билип, оның сыйқырлы ҳәрекетине тәсийин қаламыз.

Мәселен, қыссаханлық жолы, ислам дининдеги аятлардың қирәәтке салып оқылыўы, олардағы оғыры жағымлы, тартымлы ырғақлар туўралы көплеген рәўиятлар бар.

Қирәәт – араб тилинен алынған болып оқыў мәнисин аңлатады. Яғный, тәжўид қағыйдасы бойынша қуранды дурыс оқыў. Бул бағдарда ең дәслеп Муҳаммед саллалаҳу алейҳиссаламның азан айтыўшысы ҳәзирети Билалды мысал етсек болады. Оның ҳаўазының тәсиршеңлиги соншелли ҳәм ширелилиги сондай, ол намазға азан айтқан ўақытта ямаса қуран сүрелерин оқыған ўақытта, адамлар қасына келип қалай уйығанын өзлери де сезбей қалады екен.

Саздың сыйқырлылығы соншелли ол жаўыз инсанларды, ҳәттеки, мақлуқларды да алдап-алдарқатады. Биз буны шет ел кино дөретиўшилериниң «Ясон ҳәм аргонавтлар» телесериалы ямаса басқа да жылан ойнатыўшылар мысалында айқын көре аламыз. Сонда «Алтын тери»ни қорғап жатырған мақлуқ Орфей саз-әсбабынан шертилген намаға уйып тынышланады, ал нама үзилиске түскенде болса қайта ғәзепке минеди.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти И.Ә.Кәримов «Өз келешегимизди өз қолымыз бенен қурып атырмыз» атлы шығармасында «… Қарақалпақ халқы өзиниң әййемги тарийхы, үрп-әдетлери, дәстүри, тили, көркем әдебияты, көркем өнери, мәдениятына тән тәкирарланбас белгилери менен ажыралып турады», – деген еди. Биринши Президентимиздиң көркем өнеримизге, мине, усындай жоқары баҳа бериўи, Өзбекистан Қаҳарманы, халық шайыры А.Ориповтың бизиң опера қосықшыларымыз ҳаққында ҳәр сапары таңлай қағып, қайыл қалыўы, атақлы қазақ илимпазы Ш.Ўәлихановтың «Қарақалпақлар биринши саҳра бүлбиллери» деген сөзлери де тегин айтылмаған.

Шайырлар, жыраў-бақсылар, қосықшылар, сазенделер барлық заманларда да болған ҳәм халықтың руўхый дүньясы менен тутасатуғын бул нурлы жол бүгинги күни де даўам етип, инсан кеўлин әжайып сезимлерге толтырып, жақсылыққа талпындырып турады.

Мине, усындай бүлбил ҳаўазлы талантлылар журты Республикамыздың тарийхый бес қаласының бири Шымбай шәҳәри ҳәм оның аўыл-аймақлары болып табылады. Миллий атқарыўшылығымыз жыраў-бақсышылық өнерине жақын қыссаханлықтың да ўатаны, оның раўажланған жери де усы Шымбай топырағы. Аты белгили қыссахан Қәўендер бала, Қазы Мәўлик (Мәўдит), Аббаз Дабылов, Избасар Фазыловтай зибанына берген шайыр ҳәм қыссаханлардың бүгинги қарақалпақ әдебияты, мәдениятының раўажланыўына қосқан үлесин, дөретиўшилик хызметлерин халқымыз ҳәмийше улығлап келмекте.

Әдебиятшы-илимпаз Ә.Пахратдинов Қазы Мәўликтиң қыссаханлық жолын терең изертлеп қәлемге алған болса, дүньядан биймезгил кеткен Қәўендер бала ҳаққында халық арасында:

Ғаўаша паядан пая болар ма!

Басына телпеги сая болар ма!

Қаслары қыйылған Қәўендер бала,

Душпанлар оғынан зая болар ма! – деген сол ўақыттағы қызлар шығарған өкинишли қосық қатарлары елеге шекем айтылып жүреди.

Өзбекистан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың биринши лауреаты Аббаз Дабыловтың әжайып хош ҳаўазы болса, соңғы буўын қыссаханларға ямаса кейинги әўладларға мийрас болып, «Аббаз ата жолы» деп аталып, халқымыз арасында кең тарқаған.

Қарақалпақ көркем өнеринде бақсышылық өнери оғада әҳмийетли орында турады. Усы мектептиң тийкарын салыўшы Шымбай елатының «Шанышпай көпир» аўылында дүньяға келген Ақымбет бақсы бул өнерди терең меңгерген, көплеген шәкиртлер жетистирген уллы инсан болып табылады. Оннан бизге бир қанша классикалық намалар мийрас болып қалған.

Соңғылықта бири қарақалпақтың, бири түркменниң бүлбилгөяларына айланған, өзлери де нешше-нешше дүркин-дүркин өнер ийелерин камалға келтирген шәкиртлери Муўса менен Сүйеў бақсылар оның нағыз избасарлары болған. Қорқыт ата жол салған, берман қарай Соппаслы Сыпыра жыраў, Жийен жыраў даўам еткен, бүгинги күни пүткил түркий дүнья ушығаның қыйқымындай көретуғын, дүнья халықлары таңланыса таңлай қағып қабыл алатуғын бул өнерди Өгиз жыраў лақаплы Хожамберген жыраў, Қыяс жыраўлар өз шәкиртлерине жеткерген болса, оннан Жақсылық Сырымбетов, Жақсылық жыраўдың улы Бақберген жыраў. «Сен тур, мен атаман», деген жас жыраўлардың дерлик барлығы оның шәкиртлери, олардың барлығының сағасы Шымбай топырағы болып табылады.

–Ақымбет бақсы қарақалпақ көркем өнеринде бақсылардың, соның менен бирге, барлық атқарыўшылардың, дөретиўшилердиң устазы яғный «пири» болып табылады. Дурыс, халқымызда оннан бурын да көплеген бақсылар болған. Лекин, олар ҳаққында мағлыўматлар сақланбаған. Муўса бақсы, Сүйеў сыяқлы белгили бақсылар, ҳәттеки, халқымыздың X8X әсирдеги уллы тулғалары Әжинияз ҳәм Бердақтың да устазы болған, – деген дәреклер бар. Ақымбет бақсының исмин мәңгилестириў, оның дөретиўшилик үлгилерин келешек әўладларға жеткериў мақсетинде биз оның туўылып өскен Шымбай районы «Шанышпай көпир» аймағындағы қойымшылықтағы қәбирине естелик орнатыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине мүрәжат етип, ҳәзир бул бағдарда жумыслар қолға алынған, – дейди Өзбекистан халық бақсысы Теңел Қәллиев.

«Дәрья бир аққан жерден соң да ақпай қалмас», дегендей Ақымбет бақсының жолын  шынжырма-шынжыр шымбайлы Бекназар аннабий бақсы, Артық бақсы, Шерназар бақсы, Ещан бақсы, Қурбанияз бақсы, Әмет бақсы, Қайыпназар бақсы, Қосжан бақсы, Аңсатбай бақсы, Дәўлетнияз бақсы, Оразбай бақсы, Пәтилла бақсы, Қудайберген бақсы, Тыныбай бақсы, Кәримбай бақсы, Тилепбай бақсы, Бегмурат бақсы, Халмурат гиржекшилер даўам еттирген. – Жоқарыда аты аталған айырым бақсылардың келип шығыў мәканларын гейбир  оқыўшылар надурыс, деп ойлаўы мүмкин әлбетте. Деген менен, биз сол пайыттағы айырым елатлардың (Халқабад, Кегейли, Шоқтораңғыл ҳ.т.б)  Шымбай болыслығына қарағанын ҳәм сол пайытта бул бақсылардың «шымбайлы бақсы», деп аталғанын есапқа алғанымыз дурыслыққа туўра келетуғын шығар.

Қарақалпақ фольклорына киргизилген көплеген дәстанлардың бизге жетип келиўинде Қорқыт бабамыздан саға алған, басқа түркий халықларда онша ушыраса бермейтуғын жыраўшылық өнериниң салмағы оғада үлкен. Бул бағдарда шымбайдан жетилисип шыққан бир қатар жыраўларды атап өтиўимизге болады.  Қыяс жыраў Қайратдинов ҳәм оның шәкирти Жақсылық Сырымбетов оның даўамшылары Бақберген Сырымбетов ҳәм Бахтияр Есемуратовлар усылардың қатарына киреди.

– Узақ өтмиштен сөйлейтуғын жыраўшылық өнеримизди қанша мақтаныш етсек те аз. Себеби, бул өнер өзлигимиздиң, миллийлигимиздиң тымсалы есапланады. Өзим устазлық етип атырған Нөкис Мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде бул өнерди келешек әўладқа жеткериў, терең үгит-нәсиятлаў бойынша мәмлекетимиздиң қәўендерлигинде көлемли жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта жыраўшылық өнеринде көплеген жас шәкиртлерим қатарында Ж.Пиязов ҳәм С.Аяповлар айрықша үлгили дөретиўшилик үстинде ислемекте, – дейди Б.Сырымбетов.

Инсанның нәзик кеўил тарларын шертип тебирендиретуғын, тийкарғы ўатаны Италия есапланған опера бизге рус атқарыўшылары арқалы жетип келген. Өзбекистанда туңғыш опера 1939-жылы қойылған болса, Қарақалпақстанда 1974-жылы биринши рет сахналастырылды. Нәтийжеде республикамызда бул өнердиң өз алдына мектеби жаратылып Б.Надиров, И.Хожаметов, М.Хожаниязов, С.Кенжалиева сыяқлы устаз дөретиўшилер тәрепинен шынжырма-шынжыр раўажланып келмекте.

Лапызы жоқары октавалар шыңларында шарықлайтуғын К.Сержанов, бүгинги өзбек операшылығының үлкен сүдини М.Раззақова, халықаралық таңлаўларда табаны тийген жерлерде заманласларын бәйгиден қуры алақан қалдырып жүрген Жеңисбек ҳәм Ақылбек Пиязовлар дүнья сахналарында опера ықласбентлериниң дийдинен шығып киятыр.

Опера атқарыўшылығында биз жоқарыда аты аталған шымбайлы К.Сержанов, С.Балтаниязов ҳәм усы бағдар бойынша бир неше таңлаўлардың, «Ниҳол» сыйлығының лауреаты жас атқарыўшы Наўрызбек Мухаммедияров пенен С.Оразымбетовларды мақтаныш пенен тилге аламыз.

Ҳәр бир халықтың ана тили сыяқлы оның миллий нама-қосықлары да милеттиң баслы белгилеринен бири болып табылады. Бул нама-қосықлардың жәмийетшиликтиң, келешек әўладтың руўхый дүньясын байытыўдағы хызметлери оғада әҳмийетли. Усы жерде усындай ийгиликли ислерге өмирин бағышлаған шымбайлы көплеген композитор ҳәм атқарыўшы дөретиўшилеримиздиң атларын атап өтиўимизге болады. Соның ишинде, композиторлардан Өзбекистанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист ҳәм көркем өнер ғайраткери Х.Турдықулов, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Ә.Султанов, Қарақалпақстан халық артисти А.Хайратдинов, Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери К.Абдуллаев, Р.Султанов, Қ.Аекеев, Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Ш.Пахратдинов, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист О.Мәмешов, Е.Сейтимов, Б.Пирназаров, Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери У.Абдуллаева, Қ.Серимбетов, «Сәўбет» топарының солисти Б.Сметуллаев, «Шымбай» топарының жигитлери А.Алламбергенов, Ф.Қыдыров ҳәм Т.Досжановлар усылардың қатарында халық кеўлине алып баратуғын мәнзиллерде ат салысыўда.

Шайырдың қосық қатарлары менен композитордың намаларына есилисип түскен, бүгинги күни халқымыздың, кеўил мүлкине айланған шымбайдың ширели ҳаўазлары да өз алдына, әлбетте.  Бул бағдарда Өзбекистан халық артистлери Ю.Мамутов, Г.Шеразиева, С.Мәмбетова, М.Сапаева, Х.Палўанова, З.Төрениязова, Ж.Алламбергенов, С.Узақбаев, дүньяға бир келген бийтәкирар ҳаўаз ийеси  Д.Қайыпов ҳәм оның идиралды перзенти Б.Қайыповлардың келешек әўладларға үлги боларлық дөретиўшиликлери пикиримизди айқын дәлиллейди.

Бағлары, қуслары, гүллери, шөплерине шекем өмир заўқына бөленген бул қунарлы топырақтан өсип жетилискен ширели ҳаўазлардың исмлерин келтирип өткен мақаламыздың тийкарғы өзегинде быйыл туўылғанына 70 жыл толатуғын, киндик қаны Шымбай топырағына тамған қарақалпақ халқының дүньяға бир келген бүлбилзибан қосықшысы Даўытбай Қайыпов ҳәм «Орнында бар оңалар» ямаса «Аттың изин тай басар», дегендей атқарыўшылық жолын даўам етип жәмийетшиликке кеңнен үгит-нәсиятлаў, ен жайдырып, оның атқарыўшылығын үлги тутатуғын жас қосықшыларды үлкен сахналарға  алып шығып, оларды журтшылыққа жақыннан таныстырыў менен бирге өзи де миллий атқарыўшылық өнеримизге ылайықлы үлес қосып киятырған белгили қосықшы, Даўытбай Қайыпов жәмийетлик фондының баслығы Баҳадыр Қайыпов ҳаққында да бир-еки аўыз сөз айтып өткенимиз мақул болар.

Оғада сийрек ушырасатуғын қосықшы Даўытбай Қайыповтың атқарыў шеберлиги, оның тыңлаўшыларды бийлеп алатуғын қандай да сырға, қүдиретке ийе, шадлыққа, дәртлерге толы ҳаўазындағы миллий колоритке бай рәңбәрең ырғақлары туўралы сөз етип, пикир жүргизип баҳа бере алғандай дәрежедеги көркем өнер сыншылары шенде-шен.

Ҳақыйқый перзентлер туўған халқын, халқы өзин улығлап өткен азаматларын ҳеш ўақытта умытпаған. 1980-жыллардың орталарынан баслап Даўытбай Қайыповтың дөретиўшилиги әтирапында қайтадан сөз қозғалып, оған қайтыс болғаннан соң Республикалық Жаслар шөлкеми сыйлығының лауреаты атағы берилди. Қосықшының атына жас атқарыўшылардың бир неше рет Республикалық таңлаўлары өткерилди, исми мәңгилестирилип, атына көше қойылды, шайырлар тәрепинен қосықлар дөрелип, қәлем ийелери шығармалар жазып, китапшалар шығарылды.  Оның дөретиўшилиги бойынша Республикамыз Художниклериниң таңлаўы өткерилди, «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен «Сөнбес жулдыз» атамасында ҳүжжетли фильм түсирилди. Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы Өзбекистан көркем-дөретиўшилик жәмәәтлери бирлеспеси Қарақалпақстан бөлиминиң аяқ-ойын ҳәм қосықшылар халық сазлары ансамбли Даўытбай Қайыповтың аты менен аталды.

Буннан 45 жылдай бурын 26 жасында дүньядан өткен оның изинде қалдырған дөретиўшилик мийраслары соннан берли де нешше дүркин әўладларға, мың-мыңлаған кеўиллерге заўық, күш-жигер бағышлап, руўхый мәдеткар болып келмекте. Жақсылыққа шарлап, сулыўлыққа сүйсиндирип, сезимлерге қозғаў салатуғын бул жипек ҳаўазға, талантлы қосықшыға кимлер тәсийин қалып, кимлер әлҳәббиз, демеген дейсиз!!

Мәмлекетимиз тәрепинен кең имканиятлар жаратылыўы нәтийжесинде Республикамыз жәмийетшилиги, атқарыўшылығымыздың жанашырлары көптен тилек тилеп күткен, көплеген ел азаматлары қоллап-қуўатлап басшылық, қәўендерлик етип 2006-жыл 15-августта ашылған «Даўытбай Қайыпов жәмийетлик фонды»ның ең баслы мақсети, журтшылықтың ишинен, көркем ҳәўескерлик жәмәәтлеринен талантлы жас атқарыўшыларды излеп табыў, таңлаў жарысларын өткериў, концерт бағдарламаларын, қосықшылық сахналарын заманға сай жаңа репертуарлар менен байытып халқымыздың қосықшылық өнерин раўажландырыўға хызмет етиў. Әдиўли әке жолының мүнәсип даўамшысы Б.Қайыпов мине, усы бағдарда жемисли мийнет етип киятырған талантлы қосықшы ҳәм жәмийетлик-шөлкемлестириўши болып табылады.

1991-жылы Даўытбай Қайыповтың ҳүрметине өткерилген ең биринши Республикалық «Бүлбилзибан» таңлаўы жәмийетлик фонд тәрепинен усы күнге шекем даўам етип келмекте. Усы пайытқа шекем халқымызға Аллатаала тәрепинен инам етилген, оғада қәдир-қымбатлы, әжайып талант ийесиниң ҳүрметине бағышланып алты мәрте өткерилген «Бүлбилзибан» таңлаўының районлық, қалалық ҳәм республикалық басқышларында бес жүзге шамалас жас талантлылар қатнасқан болса, олардың арасынан қырққа шамалас жас атқарыўшылар Даўытбай Қайыпов атындағы «Бүлбилзибан» таңлаўының лауреатлары болыўға еристи. Ҳәзирги күнде бул қосықшылар республикамыздың Ғәрезсизлик ҳәм Наўрыз байрамларында ҳәм басқа да көплеген мәдений сәнелерде белсене қатнасып келмекте.

Даўытбай Қайыповтың туңғыш перзенти, ата жолының мүнәсип даўамшысы, талантлы қосықшы Баҳадыр Қайыпов басқарып киятырған Фонд өткен он бир жыл даўамында Өзбекистан Республикасы көлеминде жоқары абырой-мәртебеге ийе болып, өзиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеп келмекте. Даўытбай Қайыпов жәмийетлик фонды 2013-2015-жыллары қатара еки мәрте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў фондының грантын жеңип алыўға миясар болды. 2008-2015-жыллардағы фондтың жыллық режесине муўапық «Ёшлар» ҳәм «Маданият ва маърифат» телеканаллары тәрепинен Д.Қайыпов атқарған қосықлар Өзбекистан көркем-дөретиўшилик жәмәәтлери бирлеспеси Қарақалпақстан бөлими жанындағы Д.Қайыпов атындағы аяқ-ойын ҳәм қосықшылар халық сазлары ансамбли менен биргеликте Б.Қайыповтың атқарыўшылығында жанлы ҳаўаз редакциясында заманагөй технологиялар жәрдеминде жазып алынды ҳәм ықласбентлери тәрепинен жақсы қабыл алынды.

Елимиздиң бүлбилзибан талантлы перзентиниң туўылғанына быйыл 70 жыл толмақта. Усы мүнәсибет пенен фонд ҳәм басқа да бир қатар мәкемелер менен биргеликте Даўытбай Қайыповтың юбилейин ҳәм гезектеги «Бүлбилзибан» VII жас атқарыўшылардың Республикалық таңлаўын өткериўге қызғын таярлықлар көрилмекте.  Сондай-ақ, Мәлимлеме технологиялары әсириниң ҳәм көп санлы ықласбентлердиң талапларынан келип шыға отырып, Республикалық Даўытбай Қайыпов атындағы жәмийетлик фондтың рәсмий веб-сайтын ашыў бойынша да жумыслар алып барылмақта.

– Көркем өнерде, атқарыўшылықта өзинен келешек әўладқа бийбаҳа мийрас қалдырған Даўытбай Қайыповтың перзенти болғанымнан оғада бахытлыман. «Әкең өлсе де, әкеңди көргенлер өлмесин», дегендей  Даўытбай Қайыпов жәмийетлик фондының жумысын  буннан былай да жетилистириўде турақлы түрде қоллап-қуўатлап киятырған мәмлекетимиз басшыларына, дөретиўшилер жәмәәтине ҳәм көп санлы қәўенденлерге өз миннетдаршылығымды билдиремен. Елимизде талантлы атқарыўшы жасларымыз оғада көпшиликти қурайды. Келешекте жаратылған имканиятлардан жемисли пайдалана отырып, фондтың жумысларын және де жетилистириўде, халқымыз арасынан хош ҳаўаз талант ийелерин және де көплеп излеп табыўда аянбай мийнет етемиз, – дейди талантлы қосықшы, Даўытбай Қайыпов жәмийетлик фондының баслығы Баҳадыр Қайыпов.

Уллы композитарлардың бири «Ҳеш бир саз әсбабы да адамның ҳаўазындай сулыўлықты бере алмайды», деген еди. Дурыс, ҳәр қандай саз әсбабынан таралған намалар ҳәр кимге ҳәр қыйлы заўық бағышлайды, тыңлаўшының кеўил тарларын шертеди. Деген менен, шынында да инсан ҳаўазының орны бәрибир өз алдына, әжайып, онда өзгеше тәсир, сыр ҳәм гөззалық бар.

Биз бул мақаламызда инсаният дүньясындағы үлкен дүньялық ҳаўазлар туўралы пикир жүргизиўге ҳәрекет етип, руўхый байлығымыздың белгили бир бөлеги халқымыз ҳаўазының өзгешелигин айтпақшы ҳәм буны сөзлеримиз және де узақ созылып кетпеўи ушын тек, белгили бир аймақ ямаса район, жипектей жайдары, мақпалдай жумсақ, шымбайдың ширели ҳаўазы мысалында көрсетиўге ҳәрекет еттик.

 

Чаржаў ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги