Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2022-жылдың 23-24-февраль  күнлери республикамызда болған сапары даўамында берилген тапсырмасы ҳәм 25-февраль күнги өткерген 16-санлы мәжилис протоколы тийкарында Елликқала районындағы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектеби ҳәм оның спорт залын жаңадан қурыў белгиленип, бул бойынша қурылыс жумыслары баслап жиберилген еди.

Республика басшыларының тиккелей қоллап-қуўатлаўы ҳәм қурылыс шөлкемлериниң пидакерли хызметлериниң арқасында, мектепте қурылыс жумыслары толық жуўмақланып, жаңа мектеп «Шуқырқақ» аўылы турғынлары ушын ғәрезсизлик байрамы саўғасы сыпатында педагогикалық жәмәәтке салтанатлы жағдайда тапсырылды.



Оның ашылыў кешесинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Ш.Өтемисов, район ҳәкими С.Авезов, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы баслығы А. Тилеўмуратовлар аймақ турғынларын Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы ҳәм жаңа мектептиң пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлап, қолы гүл қурылысшыларға баҳалы саўғалар тапсырды.

Буннан соң оқыў дәргайы алдына тартылған дәстүрий ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары мектепте оқыўшылар ҳәм муғаллимлер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, оқыўшылар менен пикирлести.



Соны да айтып өтиў керек, улыўма жойбар баҳасы 4 млрд 12 млн сум болған бул жаңа мектеп имараты еки қабатттан ибарат болып, ондағы комьпютер техникалары, электр үскенелери қуяш панелинен ток алып жумыс ислейди.

-Аўыл Қызылқум шөлиниң қақ ортасында жайласып, аўыл халқына көп жыллардан берли бундай айрықша итибар қаратылмаған екен,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Шарапат Өтемисов.-  Қарақалпақстан Республикасы Жоқағы Кеӊесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаевтыӊ еӊ алыс аймақларда жасаўшы пуқаралар менен ушырасыўда кѳтерилген машқалалар унамлы шешилмекте.

Соның ишинде Республика бюджетинен арнаўлы қаржы ажыратылып, 1,3 млрд. сўмға 90 квт қуяш панели, артезиан суўын душшыландырыўшы фильтр үскенеси орнатып берилди. Ҳәзирги ўақытлары шарўа малллары ушын артезиан қудықларын қазыў жумыслары даўам етпекте. Өзлерине көрсетилип атырған аталарша ғамқорлық ушын аўыл халқы Президентимизге, Жоқарғы Кеӊес Баслығына миннетдаршылық билдирмекте. Бүгин аймақ турғынларының жүзинде күлки, кеўлинде қуўаныш жайнайды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы