«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-287-санлы, ПҚ-288-санлы, 28.08.2023 ж.) қабыл етилди.

Қарарлар менен Өзбекстан ҳәм Қатар Мәмлекетиниң Ҳүкиметлери арасында төмендеги келисимлер тастыйықланды:

– Инвестицияларды өз-ара хошаметлеў ҳәм қорғаў ҳаққындағы;

– Дәрамат салықлары бойынша еки тәреплеме салыққа тартыўды сапластырыў ҳәм салықларды төлеўден бас тартыўдың алдын алыў ҳаққындағы.

Бул келисимлерге 2023-жыл 6-июньда Самарқанд қаласында қол қойылған.

Соған бола, тийислисинше Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Салық комитети халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшысы бул халықаралық шәртнама күшке киргенинен кейин оның қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен белгиленген тәртипте қадағалаўды тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги