Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жол-патруль ҳәм патруль-пост хызмети бөлимлериниң хызметкерлерин «Пуқаралар менен ислесиў модули» бойынша үзликсиз оқытыў әмелиятын жолға қойыў арқалы олардың тараўда нәтийжели хызмет алып барыўдағы жеке жуўапкершилиги арттырылады.

Онда, Ишки ислер министрлиги Тәжирийбе арттырыў институтында даўамлылығы 144 сааттан аз болмаған бағдарлама тийкарында хызметкерлер ҳәр үш жылда бир мәрте оқытылып, арнаўлы сынақтан өткериледи ҳәм сынақларды табыслы тапсырған хызметкерлерге келешекте бул тараўда хызмет етиў ҳуқықын тәмийинлейтуғын сертификат бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги