Фото: Юсупбек Алланбеков

Қарақалпақ ҳатамтайлары ҳәм олардың бүгинги даўамшылары ҳаққында бир-еки аўыз сөз

Ҳәр бир мәмлекеттиң түрли салаларындағы раўажланыўларға қосымша үлес қосатуғын сақый, жомарт ямаса қәўендер адамлар болады.

Европада меценатлықты инсаныйлықтың жоқары символы етип көрсетеди. Меценат сөзиниң бизиң тилимиздеги синонимлери – қайырқомлық, қәўендерлик, сақыйлық, жанашырлық, яғный материаллық жақтан жәрдем бериў, қол созыў, соның ишинде, көркем өнер ҳәм мәдениятқа, илимге ҳәм әдебиятқа қәўендерлик ететуғын адам мәнислерин аңлатады.

Россияда меценатлық себепли қаншадан-қанша талантлар жетилисип шыққаны бизге тарийхтан жақсы мәлим. Третьяков галереясы, Морозов, Прохоров ҳәм Савва Мамонтов сыяқлы ири бай ямаса исбилерменлердиң мийнетлери нәтийжесинде X8X әсирдиң ақыры – XX әсирдиң басларында гүллеп раўажланған рус көркем өнери ҳәм мәденияты тарийхта «Гүмис дәўир» деп аталды. Бул бағдарда көркем өнер ҳәм мәденияттың түрли жанрларына қызыққан, тәсиршең, тынып-тыншымас меценат Савва Мамонтовтың (1841-1916) қәўендерлиги өз алдына, әлбетте.

Қарақалпақ тилиниң тарийхый сөзлик қорында жомарт, сақый, қолы ашық деген сөзлердиң – сәтий ҳәм пәтий деген синонимлери де бар. Бул жерде сәтий – көптиң ғамқоршысы болған, байлығын жақсы ислерге сарплаўды азаматлық парызы санаған сақый адамлар тилге алынса, ал пәтий – қолында барын, ҳәтте, жанын да аямайтуғын жүдә наятый ақкөкирек жомарт инсанларға қарата айтылған.

Бул, шығыста халықлар саналы бола баслаған ерте дәўирлерден берли бар, яғный сақыйлықтың ҳақыйқый үлгиси Ҳатамтай аты менен белгили. Бул жерде Ҳатам – исми, Тай – шыққан қәўими. Халқымызда Ҳатамтайдың сақыйлық ислери ҳаққында көплеген аңызлар-рәўиятлар бар.

Мәселен, бурын-бурында Ҳатамтай исмли жүдә бир сақый бай өткен. Өзи ақ көкирек, ҳадал ҳәм сақый болғаны ушын ба, Аллатаала оның байлығын ағыл-тегил етип қойған. Ҳатамтайдың үлкен бир сарайы болып, сол сарайдың қырқ терезеси бар екен. Жарлы-жақыбай, мүтәж-қайыршылар дерлик ҳәр күни келип, усы тәрезелерден садақа алып, Ҳатамтайға алғыс айтып, пәтиясын берип кетеди екен.

Бир күни Ҳатамдайдың иниси анасына налыныпты:

– Не ушын барлық адамлар тек ғана ағамды мақтайды, мен де сақыйман-ғой, ақыры!

Анасы ҳеш нәрсе деместен, баласының басынан сыйпап қойыпты.

Ертеси күни әдеттегидей терезелердиң биринен тиленши кемпир көринипти. Ҳатамтай үйде болмағансоң, оған иниси садақа берипти. Кемпир буның менен изине қайтпай, екинши, үшинши терезелерден де садақа сорапты, Ҳатамдайдың иниси қолын бос қоймапты. Лекин, кемпир төртинши терезеге келгенде ол: – Сен өзиң қандай тиленшисең, ҳәзир ғана қатара үш мәрте алдың-ғой! – деп ашыўланыпты. Сонда кемпир басындағы орамалын шешипти, жигит қараса, дийўана көрисиндеги кемпир оның өз анасы екен.

– Әне, көрдиң бе, балам, – мен усы қырқ терезеден садақа сорағанымда да әжағаң Ҳатамтай ләм-мим деместен садақа берген еди, депти анасы.

Ҳақыйқатын айтқанда бул дүньядан көплеген байлар өткен. Лекин, Ҳатамтай сыяқлы сақый, жомарт инсанлар онша көп болмаған.

Мусылманшылықта да, адамгершиликте де сақыйлық жүдә улығланады. Себеби, мүтәж адамға қол-қабысыңды тийгизсең, ол өз жолын таўып, өмир деген уллы көшке илесип кетеди. Дөретиўши болса, оның мийнетлери халыққа барып жетеди ҳәм оның тәрбиялық әҳмийети сирә өз алдына. Сондай-ақ, сол шаңарақтың шайпалмаўына себепши болады. Буннан жәрдем берген адамның өзиниң де кеўли толады. Биринши гезекте, ҳәр ким өзи-өзине рийза болса, оның денсаўлығы ушын да, ертеңги күниниң жарқын болыўы ушын да себи тийеди. Буны саўап, саўап алды дейди.

Жомарт ямаса сақый айланып келгенде обал-саўапты билетуғын, мийрим-шәпәәтли, кеңпейил адамлар қарақалпақ халқында да аз болмаған. Ҳәр елде, ҳәр аўылда бардамлы адамлар тәрепинен күн көриси қыйын шаңарақларға бәрҳа жәрдем берип барылған. Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының, Журналистлер дөретиўшилик аўқамының ағзасы Сейдин Әмирлан өзиниң «Елдиң дәртин ер көтерер» (Cаза журналы. 03 (60) 2015-жыл) мақаласында халқымыздың тарийхый сақый инсанларынан Жомарт қассап, Қалдар долап, Әмет сәтий, Сынасап мырза, Қосым сақый, Халмурат бай, Асқар бай, Ибрайым, Толыбай, Шынықул, Убайдулла исмлерин келтирип өтип, олардан Халмурат Қурбан улы, Ибрайым Мәткерим улы, Халмурат Хожамберген улы, Шынықул Қалеке улы ҳәм Убайдулла Камал улының «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы» айдары менен басылған китапқа киргизилгенин атап өтеди.

Мәселен, мине усындай әжайып пазыйлетке ийе инсанлардың бири Шымбай қаласында Асқарбай аты менен белгили, заманына сай билимли, көкиреги ояў адам өткен. Және де Арал теңизи арқалы пароходта Россиядан ун әкелип халықты ашаршылықтан қутқарыўға өз исбилерменлиги менен үлес қосқан XX әсирдиң басларындағы «Ақ қапшық» аты менен белгили жыллар Халмурат (Хожамберген улы) байдың исми менен байланыстырылады.

Бундай қайырқомлықтың тағы бир көринисин биз Халқабадтағы тарийхый «Ийшан қала»да да көриўимиз мүмкин. Ўақтында бул жерде Ийшан қала диний ордасы менен қаланың айырым сақый инсанлары тәрепинен аш халықтың аўқатланып кетиўи ушын ҳәр күни қайыр-сақаўатлық  шүлен қазаны қайнап турған. Аш-әптада пуқаралар усындай қәўендерлик себебинен қыйын күнлерден шығысып өз тиришиликлерин даўам еткен.

Саўда, исбилерменлик ҳәр қандай дәўирде де ырысқы-несийбениң тийкарғы дәреги болып, қарақалпақ халқының жақын тарийхында усы кәсип ийелериниң де қәўендерлик ислери көзге тасланады. Мысалы, Нөкис-Халқабад жолындағы тарийхый Жүзим бағ ямаса «Шынықулдың бағы», деп аталған жерде батыс пенен шығыс еллерине ҳәтте, кәрўан тарттырып саўдагерлик пенен шуғылланған, деп айтылатуғын бул адамның да саўаплы ислери тилге тийек етиўге турарлық. Ол қарыз ямаса жәрдем сорап келгенлерди «Тапқан ўақтынызда қайтарып берерсиз», деп қуры қол қайтармаған. Қайтарып бериўге мүмкиншилиги болмаған айырым аўылласларының қарызынан кешип те жиберген.

Заманласымыз, муғаллим, марҳум Өзбекистан Қаҳарманы Алланияз Өтениязовтың халқымызға, кем тәмийинленген шаңарақларға жай салып бергени ямаса басқа да ислеген үлкен саўап ислерин болса халқымыз, қалаберсе, пүткил дүнья тән алған. Ҳәтте, океанлар артындағы еллердиң белгили басшылары жағаларын услап дегендей, ҳайран қалысып, ўақтында олардың рахметлер айтқан хатлары  қардай бораған.

Узын гәптиң қысқасы, тоқсан аўыз сөздиң тобықтай түйини, әңгимемизди бираз узақтан орағытып отырғанымыздың тийкарғы себебине қайтатуғын болсақ, бул, бүгинги халқымыз, заманласларымыз арасында да усындай қолы ашық, кеўли сап жомарт жанлардың бар екенлиги бизге де тәсир жасап, қолымызға қәлем алғызғаны. Оның жоқары инсаныйлық, үлги боларлық сақыйлық ислери бизди азы-кем излениўге ийтермелегени.

Айрықша атап өтетуғын жери Юсупбек Алланбеков жүдә бардамлы, ямаса заманамызға сай исбилермен де емес.  Бар болғаны напақадағы урыс қатнасыўшысы. Аўған урысындағы әжел оқлары жаўындай жаўып турған саўашлардың биринде душпан тәрепинен қатара атылған оқлар  қаҳарманымыздың шеп қолын тесип өтип бесинши ҳәм алтыншы қабырғалары арасынан өтип барып, өкпесинен 0,7 миллиметр бериде «қоным» тапқан. Мине, дерлик отыз жылдан берли Юсупбектиң денесинде сақланып киятырған бул оқ оның ушын Аўған урысынан, жаслық, жаўынгерлик жылларынан мәңгилик «естелик» болып қалды. Урыстан қайтып келгеннен соң, үшинши топар майыбы болыўына қарамастан қәнигелиги бойынша бир неше орынларда жыллар даўамында минсиз хызмет етти.   Әлбетте, Юсупбектиң нәўбеттеги жаўынгерлик ўазыйпаны атқарыўдағы бул ерлиги ылайықлы баҳаланды. Яғный бурынғы Аўқам ҳүкимети тәрепинен «Мәртлик»     («За отвагу») медалы менен сыйлықланды.

«Ҳәр бир халықтың өзиншелиги неден ибарат! Ол тек ғана өзине тән пикирлеў тәризи ҳәм әтираптағы нәрселерге мүнәсибетинде, дининде, тилинде, әсиресе, салт-дәстүр ҳәм үрп-әдетлеринде сәўлеленеди. Бул шараятлар оғада әҳмийетли ҳәм уйғынласқан болып, бир-бири менен тығыз байланыслы болады. Ҳәр бир халықтың әне, усы қәсийетлериниң арасында салт-дәстүр ҳәм үрп-әдетлер үлкен әҳмийетке ийе, олар халықтың дерлик ең характерли пазыйлетлерин сәўлелендиреди», деген еди В.Г.Белинский.

Көкиреги көркем өнер деп сайрап турған Ю.Алланбековты халқымыз көп жыллардан берли миллий үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлеримизден есапланған сөзге шешен, бет ашар дәстүрин үгит-нәсиятлаўшы көркем өнер хызметкери, өсип киятырған жас дөретиўшилердиң талантлы устазы сыпатында да жақсы таныйды.  Ал, оның және бир қыры халқымыз арасында ислеп атырған жоқары адамгершилик, сақыйлық ҳәм қәўендерлик жумысларын биреў билсе, биреў билмейди. Мине, ол бирнеше жыллардан берли кем тәмийинленген шаңарақларға, әмеңгери жоқ кекселерге, Хожели қаласындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйине, Республикалық «Гереңлер» ҳәм «Көзи әззилер» жәмийетине материаллық ҳәм руўхый  жақтан салмақлы қәўендерлик жәрдем көрсетип, халқымыздың, майып инсанлардың алғысына миясар болып киятыр. Өзи туўылып өскен Халқабад қаласындағы X8X–XX әсирлерге тийисли «Ийшан қала» естелиги де оның нәзеринен тысқарыда емес. Сондай-ақ, ол көркем өнер ҳәм мәденият тараўына қәдем таслап атырған жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлап, Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги тәрепинен өткерилетуғын ҳәр қыйлы таңлаў жеңимпазларын, соның ишинде, марҳум қарақалпақ эстрада қосықшысы З.Хожаназарованың естелигине бағышлап өткерилетуғын «Сөнбес жулдыз» таңлаўы жеңимпазларын өзиниң баҳалы сыйлықлары менен сыйлықлап келмекте. Сонлықтан болса керек, көркем өнер ҳәм мәденият тараўындағы көпшилик жас дөретиўшилер оны тәжирийбели устаз және жоқары адамгершиликли ҳақ кеўил сақый инсан сыпатында да ҳүрмет етеди.

Мақала таярлаў барысында көкирек нышанлары өңирине қуп жарасып турған тынып-тыншымас Юсупбек пенен биз Өзбекистан Республикасы жаўынгер ветеранлар ҳәм майыплар шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң гезектеги мәдений илажларының биринде ушырастық.

— Юсупбек Алланбеков көп жыллардан берли шөлкемимиздиң қайыр-сақаўатлық, мәдений ҳәм басқа да илажларында шөлкемлестириўши сыпатында белсенди қатнасып келмекте. Жақын арада шөлкемимиз Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен жас өспиримлерди ўатанды сүйиўшиликке, мәденият ҳәм спортқа, соның ишинде, әскерий хызметке бағдарлайтуғын «Мен өз Ўатанымды сүйемен, оның тарийхы менен тынышлығының ҳәм татыўлығының қорғаўшысы болған Қураллы Күшлери менен мақтанаман», атамасындағы таңлаў грантын жеңип алған едик. Мине, өзиңиз көрип гүўасы болып турғаныңыздай, таңлаўымыз денетәрбиясы бағдары бойынша даўам етпекте. Бул илажды шөлкемлестириўде де шөлкемимиздиң ағзасы Ю.Алланбековтың қәўендерлиги жоқары болды. Арамызда усындай аңлы-серли, мийнеткеш, қәўендер ҳәм сақый инсанлардың көбейиўин жүдә қәлер едим, – дейди шөлкемниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығының орынбасары А.Бекмуратов.

— Ғәрезсизлигимизге, тыныш-татыў ҳәм абадан турмысымызға шүкиршилиги мол кексе жасы үлкенлеримиздиң «Ерден ердиң неси артық, елге еткен иси артық» дегениндей, урыстан жарақатланып келгенимнен соң, қолымнан келгенинше, мүмкиншилигим болғанынша мүтәж инсанларға жәрдем бериўге тырыстым, өзимди сол иске бағдарладым. Ҳәр ислеген жәрдемимде кишигирим болса да өзимде қанаатланыўды, тетикликти, қандайдур жыллы сезимлерди түйдим. Дене жарақатымның гейде, тек ғана бултлы ҳаўа райында азғана мазалағаны болмаса, дерлик саў-саламат инсанман.  Бул маған Аллатааламның инамы, деп билемен. Жасаў шараятым да жаман емес, шаңарағымызда өмирлик жолдасым Мийригүл Айтмуратова менен еки ул, бир қызды тәрбиялап халық қатарлы бахытлы турмыста жасап атырмыз. Кем тәмийинленген, қолы қысқа, ямаса инталы инсанларды азғана болса да қоллап-қуўатламасқа бола ма. Бул пүткил халқымызға тән жоқары инсаныйлық пазыйлетлеримиздиң бири болып табылады, – дейди кишипейиллик пенен Ю.Алланбеков.

Саўаптың үлкен-кишиси жоқ, сақыйлықтың, жомартлықтың да… Ҳәр ким өз мүмкиншилигинен келип шығып, «Жоқшылық жомарт ердиң қолын байлайды» дегендей, жоқ болса илаж жоқ, бирақ, бар болса да кеўли, қолы қысықлық етип, алақаны бир ашылмай-ақ кететуғынлар да аз емес.

Мәселен, қарлығаш пенен шымшық ҳаққындағы мына бир рәўият та усыған тәқаббил. Өмир дарағына от қойған шымшықлар сонша палапанларды шырқыратып өрт пайда еткенде, сонда жәрдемге келген қарлығашлардың ушлы, ушқыр қанатларын от шарпып күйип, жырақ-жырақлардағы көл, дәрьялардан бир уртламлап отқа суў әкелип сепкенине не дерсең! Демек, сол өртти өшириўге қарлығаштың күши жетпесе де, соған талпыныўының, ықлас-итибарының өзи қоллаўға ылайық.

Буның ушын инсан биринши гезекте, сезиниўи, тәсирлениўи, дыққатлы болыўы, сол жақсылыққа өзин бағдарлаўы керек. «Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи, керек», деген еди Ҳүрметли Биринши Президентимиз. Сол айтқанындай, ғәрезсизлик жылларынан Ҳүкиметимиз тәрепинен жасы үлкенлерге, кекселер үйине, меҳрибанлық үйлерине ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға турақлы қәўендерлик көрсетилип келинбекте.

Соның менен бирге, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың быйылғы жылды «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы», деп белгилеўиниң ҳәм усы бағдарда Елбасшымыз тәрепинен пүткил халықымызға, кем тәмийинленген шаңарақларға көрсетилип атырған ғамқорлықтың  да түп-тийкарында әне, усы сақыйлықтың, қәўендерликтиң, жақсылықтың үлгилери жәмленген.

Мүтәж адамларға материаллық жақтан жәрдем бериўге қурбың жетпегени менен, оны руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў да нағыз жомартлық, саўап истиң үлгиси болып табылады. Әлбетте, бул ҳәммемиздиң қолымыздан келетуғын, итибарлылық, тәсиршеңлик ҳәм жоқары адамгершилик пазыйлетлериниң әмелдеги көриниси болып табылады.

Батырлардың даңқы, ханлардың тахты,

Тек те, журты менен олардың бахты,

Саўаптың да бардур өлшенер ўақты,

Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.

 

Өмир инсан ушын аз неге мәўлет,

Ҳәр ким хош айтысар жеткенде нәўбет,

Биреўден сөз қалар, биреўден дәўлет,

Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.

 

Жүрекке атқызып халықшыллық таңды,

Туўған топыраққа кепсерлеп жанды,

Келешекке пүтин бериң Ўатанды,–

Сизден мийрас болып жақсылық қалсын.

Шайыр өз қосық қатарларында келтиргениндей ата-бабалардан бизге мийрас жақсылық үлгилери келешек әўладларға да мийрас болып қалсын.

 

 

 

Чаржаў ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.