20-25-август күнлери аралығында Қазақстан Республикасы пайтахты Астана қаласында спорттың Жиу-житсу түри бойынша  жас өспиримлер арасында жәҳән кубоги, жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.

Өткерилген бул жарысларға дүнья жүзиниң 60 тан аслам мәмлекетинен жас спортшылар қатнасты.

Олардың арасында Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыздан 48 спортшы қатнасып, бул абырайлы спорт жарысында қарақалпақстанлы спортшылар да жоқары нәтийжелерге еристи.

Атап айтқанда, жас өспиримлер арасында өткерилген жәҳән кубоги беллесиўлеринде Жасмина Есбергенова, Муҳаммедалий Нағметуллаев, Мафтуна Юриева, Асия Хайбуллаева барлық қарсыласларын жеңип шығып алтын медаль менен сыйлықланған болса, Камола Ғуламова гүмис, Айназар Қудайназаров, Айдана Нәжиматдинова қола медалы ийесине айланды.

Ал, 16-21-жас аралығында өткерилген жәҳән бириншилигинде болса, Айсулыў Асаматдинова алтын, Қундыз Бектурсынова гүмис, ҳәм Бийбиназ Назербаевалар қола медалын жеңип алып, өз ықласбентлерин қуўанышқа бөледи.






-Өзбекстан Республикасы сайланды командасы атынан 130 дан аслам жас спортшылар қатнасып, бул делегацияға мени басшы етип бекитти,-дейди Өзбекстан Жиу-житсу федерациясы  Қарақалпақстан бөлими баслығы Наўрыз Қайыпов.- Спортшыларымыз бул жарыста жақсы нәтийжелерди көрсетип, алтын, гүмис ҳәм қола медаллары менен сыйлықланды. Жасларымыздың Астанада қолға киргизген табыслары Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына мүнәсип саўға болды, деп ойлайман.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы